Төрткүл районының ҳәкими, 1-сектор басшысы  Р.Шамуратов 8-март Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы күни мүнәсибети менен 100 жас пенен жүзлескен аналардың шаңарағында болып, байрам менен қутлықлады.

Атап айтқанда, ϴзбекстан мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Халима Каримбаева, Тынышлық мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Дурханым Алланазарова ҳәм Шорахан аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы, мийнет ветераны Наржан Салаевалардың ҳалынан хабар алды. Оларға район ҳәкимлиги тәрепинен саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги