Елликқала районының ҳәкими В.Ниязымбетов “Ҳәким ҳәм жаслар” жойбары шеңберинде Ташкент қаласында билим алып атырған жаслар менен ушырасты.

Ушырасыў даўамында район ҳәкими бүгинги күнде Президентимиз тәрепинен жасларға жаратылып берилип атырған имканиятларға тоқтап өтти. Ашық түрде өткерилген сәўбетлесиўде студент-жаслар тәрепинен билдирилген машқала ҳәм усыныслар тыңланып, олардың орынланыўы қадағалаўға алынды.

Ушырасыў соңында жасларға әдебий китаплар комплекти саўға етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги