Өзбекстан “Адолат” социал демократиялық партиясы  Қарақалпақстан Республикасы Кеңесинде  “Жаңа редакциядағы Өзбекстан  Республикасы Конституциясының мәнис-мазмунын ҳәм әҳмийетин үйрениў бойынша” оқыў-семинары шөлкемлестирилди. Онда усы партияның Қарақалпақстан Республикалық, қалалық  ҳәм районлық Кеңеси хызметкерлери, халық депутатлары қала ҳәм районлық Кеңеси депутатлары “ЗООМ” платформасы арқалы қатнасты.

Семинарда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының коррупцияға қарсы гүресиў “Комплаенс-қадағалаў” системасын басқарыў бөлиминиң баслығы,  юридика илимлериниң кандидаты Палмурза Хожабеков жаңаланған Конституциямыздағы реформалар ҳаққында баянат жасады.

Жаңа редакциядағы  Конституция Жаңа Өзбекстан стратегиясын әмелге асырыўдың сиясий-ҳуқықый тийкарларын жаратып, миллий мәмлекетшилик раўажланыўының тарийхый әҳмийетли басқышында мәмлекет ҳәм жәмийетти және де раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеп берди.

Атап айтқанда, Конституцияда мәмлекетлик қурылыстың жаңа стратегиялық мақсети – социаллық мәмлекет қурыў екени белгилеп берилип, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўдың пүткиллей жаңа механизмлерин нәзерде тутатуғын конституциялық тийкарлар беккемленди.

Семинар даўамында халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутатлары А.Абдреймова ҳәм У.Сейтжановалар шығып сөйлеп, жаңа Конституцияның қабыл етилиўи жергиликли ўәкиллик уйымларының жумысын және де күшейиўдеги   орны ҳаққында мағлыўматлар берип өтти.


Илаж соңында қәнигелер қатнасыўшылар тәрепинен берилген сораўларға жуўап берди.


А. Есемуратова,

Өзбекстан “Адолат” СДП

Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баспасөз хаткери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги