Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «Өзбекстан – улыўма үйимиз» атамасында театрластырылған мәдений илаж болып өтти.

Оған кең жәмийетшилик ўәкиллери, филиалдың профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар, сондай-ақ, пайтахтымыздағы «Қосбулақ» ҳәм «Каттыағар» мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик коркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы директоры А.Аяповлар шығып сөйлеп, елимизде миллетлераралық татыўлық, дослықты беккемлеўге қаратылған жумыслар, сондай-ақ, миллий мәдений орайлар менен ислесиўди еле де жетилистириў бағдарында әмелге асырылып атырған илажларды айрықша атап өтти.

Онда атап өтилгениндей, бүгинги күни елимизде 130 дан аслам ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери татыў ҳәм аўызбиршиликте жасап, мийнет етпекте. Сондай-ақ, олардың үрп-әдет ҳәм дәстүрлерине ҳүрмет пенен қарап, ҳәр бир миллетке тийисли байрамларды кең түрде белгилеўге айрықша итибар қаратылған.

Соның менен бирге, мәмлекетимизде түрли миллет ўәкиллериниң өз ана тили, көркем өнер ҳәм мәденияты, миллий қәдириятларын раўажландырыўда 150 ге шамалас мәдений орайлар нәтийжели жумыс алып бармақта. Атап айтқанда, ҳәзирги ўақытта республикамызда рус, украин, қазақ ҳәм түркмен миллий мәдений орайлары менен корейс­лер ассоциациясы жумысы жолға қойылған.  Көп миллетли хал­қымыз бир мақсет, бир идея жолында бирлесип, елимизди  раўажландырыў  жолында мийнет етпекте.

Әлбетте, миллетлераралық татыўлық шеңберинде алып барылып атырған жумыслардың бәршеси елимиздиң гүллеп раўажланыўы, халқымыздың аўызбиршиликте абадан ҳәм татыў турмыс кешириўине қаратылғанлығы менен әҳмийетли есапланады.

Мәдений илажда Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы жәмәәти ҳәм студент-жаслары тәрепинен туўысқан халықлардың үрп-әдет дәстүрлери, миллий қосық ҳәм аяқ ойынлары атқарылып, бул кешеге өзгеше заўық бағышлады.








Әнжим Джуманиязова,

Сәрбиназ Дәўлетназарова,

Сахна ҳәм экран көркем өнери драматургиясы тәлим бағдарының 3-курс студентлери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги