Мәмлекетимизде Президентимиз басшылығында елимиз ҳаял-қызларына ғамқорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық турмыстағы белсендилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда гендер теңлигин тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың халық хожалығының барлық тараўларында өзлериниң қәбилетлерин көрсетиўине кең мүмкиншилик жаратыў, оларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке үйретиў, социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызларға жәрдем көрсетиў мақсетинде, аймақларда «Ҳаял-қызлар дәптери»н енгизиў, жоқары оқыў орынларында оқып атырған қызлардың шәртнама төлемлерин төлеп бериў, пидайы ҳәм талантлы ҳаял-қызлардың мийнетин ылайықлы баҳалаў сыяқлы бир қатар жумыслардың әмелге асырылып атырғаны жоқарыда айтып өткен пикирлеримиздиң айқын дәлийли болып табылады.

Бундай ийгиликли ислерди әмелге асырыўда кәсиплик аўқамлары да белсене қатнаспақта. Атап өтетуғын болсақ, жәмәәтлик келисимлер ҳәм шәртнамалар арқалы мәмлекетлик бағдарлама тийкарында «Кәсиплик аўқамлары-ҳаял-қызларға» акциясы шеңберинде республикамыз бойынша 3835 ҳаял-қызға саўғалар тапсырылған болса, ҳаял-қызлардың машқалаларын системалы шешиў, оларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша өткерилип атырған «Ең жақсы сектор баслығы», «Ең жақсы ҳәким жәрдемшиси» «Ең жақсы жаслар жетекшиси», «Ең жақсы ҳаял-қызлар белсендиси» ҳәм «Ең үлгили жумыс бериўши» таңлаўларының Өзбекстан Республикалық басқышы жеңимпазы Әмиўдәрья районындағы Назархан аўыл пуқаралар жыйынының ҳаял-қызлар белсендиси Гүлжаҳан Ибраимова, Нөкис қаласындағы Шымбай шайхана мәкан пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшиси Шахзада Абдирамановалардың ҳәр бири 30 млн сум менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, «Өзбекстан бойлап саяхат ет!» ишки туризмди раўажландырыў бағдарламасы тийкарында елимиздеги тарийхый қалалар ҳәм зыярат орынларына 3178 ҳаял-қыздың саяхат етиўи шөлкемлестирилди.

6-март күни Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен «8-март-халықаралық ҳаял-қызлар күни» мүнәсибети менен «Ҳаял-қызлары қәдирленген ел» атамасында байрам кешеси болып өтти.

Оған республикамыздың қала ҳәм районларынан келген нураный аналар, жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында белсене қатнасып киятырған ҳаял-қызлар, министрлик ҳәм басқа да шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

Кешеде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы, сенатор У.Жалменов, «Зульфия» атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты А. Караматдиновалар кеше қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлап, соңғы жыллары елимизде Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында ҳаял-қызлардың жәмийеттеги абырайын арттырыў, олардың абадан турмыс кешириўи ушын барлық қолайлы шарятларды жаратып бериў бойынша исленип атырған кең көлемли илажларды атап өтти.

Байрам кешесинде Ўатанымыздың раўажланыўы жолында жемисли мийнет етип, жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында пидакерлик көрсетип киятырған бир қатар ҳаял-қызларға ҳәм нураныйларға Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.




Кеше Нөкис қалалық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы