Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева БМШ Бас хаткериниӊ Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили, БМШтыӊ Орайлық Азия ушын превентив дипломатия бойынша регионаллық орайы баслығы Каха Имнадзени қабыллады.

Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм БМШ ҳәм оныӊ қәнигелескен уйымлары, сонай-ақ, Орайлық Азия ушын превентив дипломатия бойынша регионаллық орайы арасындағы бирге ислесиўдиӊ ҳәзирги жағдайы додаланды. Келешекте биргеликте әмелге асырылатуғын режелер көрип шығылды.

Бул орай менен бирге ислесиў тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, терроризмге қарсы гүресиў, тынышлықты беккемлеўде ҳаял-қызлар ҳәм жаслар потенциалынан пайдаланыў, келиспеўшиликлердиӊ алдын алыў ҳәм шешиў, сондай-ақ, трансшегаралық суў ҳәм энергия ресурсларынан биргеликте және ақылға уғрас пайдаланыў сыяқлы мәселелерди қамтып алады.

Ушырасыўда Өзбекстан БМШ шеӊберинде халықаралық жәмийетшилик тәрепинен қоллап-қуўатланып, турақлылық ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў, инсан ҳуқықларын қорғаўға әмелий үлес болып қосылып атырған басламаларды алға қойып атырғаны айрықша атап өтилди.

Регионаллық дәрежедеги сөйлесиў ҳәм бирге ислесиў ушын түрли платформалар, атап айтқанда, Орайлық Азия мәмлекетлери жетекши ҳаял-қызлардыӊ қарым-қатнасы тек ғана 3 жыл ишинде гендер теӊликти тәмийинлеў бойынша әҳмийетли усынысларды ислеп шығыў ушын әҳмийетли майданға айланғаны, бул бағдарда орайдыӊ белсене қатнасыўына тоқтап өтилди.

Усы көзқарастан Сөйлесиў шеӊберинде жаӊа нәтийжели илажларды әмелге асырыў мақсетинде Ташкент қаласында турақлы жумыс алып баратуғын Қарым-қатнас секретариатын ашыў мәселесин көрип шығыў усынысы алға қойылды.

Сөйлесиў барысында мәмлекетимиз халқыныӊ дерлик ярымын қурайтуғын жаслардыӊ потенциалын әмелге асырыўға байланыслы мәселелерге де айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзаларыныӊ превентив дипломатияныӊ заманагөй усыллары ҳәм қураллары ҳаққындағы билимлерин арттырыў бойынша орай менен усы тараўда нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша пикир алысылды.

Каха Имнадзе Орайлық Азия регионындағы мәмлекетлердиӊ өз-ара қатнасықлары тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеўдиӊ ҳәр тәреплеме өсиўин тәмийинлеўге хызмет етип атырғанына, онда Өзбекстанныӊ айрықша үлесине тоқтап өтти.

Ушырасыў жуўмағында регионаллық бағдардағ бир қатар әҳмийетли мәселелер бойынша тығыз ҳәм конструктив бирге ислесиўди және де раўажландырыўға келисип алынды.

Н.Абдураимова, ӨзА