Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2024-жыл 16-апрельдеги «Жанар май-энергетика тараўында базар механизмлерин енгизиўдиӊ қосымша илажлары ҳаққында»ғы 204-санлы қарарына тийкарланып Статистика агентлиги тәрепинен 2024-жыл 1-майға шекем жанар май-энергетика ресурслары баҳаларыныӊ артыўын есапқа алған ҳалда минимал тутыныў қәрежетлерин қайта көрип шығыў ҳәм жәриялаў белгиленген.
Усыған тийкарланып, Статистика агентлиги тәрепинен «Халықтыӊ минимал тутыныў қәрежетлериниӊ қуны ҳәм кәмбағаллық шегарасын есаплаў тәртиби ҳаққында реже»ге тийкарланып минимал тутыныў қәрежетлериниӊ баҳасы қайта есапланды.
2024-жыл май айынан есапланған минимал тутыныў қәрежетлериниӊ қуны бир айда адам басына 648 мыӊ сумды қурады. (2024-жыл январьда жәрияланған көлем 621 мыӊ сумды қураған).
Дүнья тәжирийбесинде минимал тутыныў қәрежетлери көрсеткишинен қәмбағаллық шегарасы сыпатында пайдаланыў кеӊ тарқалған болып, бул көрсеткиштен:
— мәмлекеттиӊ қаржылай ҳәм басқа социаллық жәрдемлерине мүтәж халықтыӊ мақсетли (таргет) топарын анықлаў;
— кәмбағаллыққа қарсы гүресиў стратегиясы ҳәм бағдарламаларында белгиленген ўазыйпа ҳәм илажлардыӊ нәтийжелилиги менен мәнзиллилигин арттырыў, сондай-ақ, олардыӊ турақлы монторингин жүргизиў;
— пенсиялар ҳәм напақалардыӊ еӊ аз муғдарын белгилеў, сондай-ақ, кәмбағал шаӊарақларға берилетуғын басқа түрдеги қаржылай жәрдемлерди көрсетиўде норма сыпатында пайдаланылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги