Қазақстан парламентиниӊ Төменги палатасы Өзбекстан менен Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнаманы ратификациялады ҳәм тастыйықлаў ушын Сенатқа жиберди.

Өзбекстан тәрепи бул ҳүжжетти өткен жылдыӊ ноябринде ратификациялаған еди.

Келисимге бола, еки мәмлекет арасында бирге ислесиўдиӊ жаӊа механизми – мәмлекет басшылары дәрежесиндеги Жоқары мәмлекетлераралық  кеӊес шөлкемлестирилмекте. Қазақстан Мәжилиси депутаты Айгүл Куспанныӊ билдириўинше, Кеӊестиӊ биринши ушырасыўы Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиӊ мәмлекетлик сапары шеӊберинде усы жылдыӊ 8-августы күни Астана қаласында өткерилиўи режелестирилген.

«Бизиӊ принципимиз бәсекилесиў емес, ал бир-биримизди толықтырыў. Биз аўқамласпыз, бир-биримизди толықтырыўымыз керек», – дейди Айгүл Куспан.

Шәртнаманыӊ тийкарғы мақсети – еки мәмлекеттиӊ ғәрезсизлигин, сувиренитетин, аймақлық пүтинлигин ҳәм турақлы экономикалық раўажланыўын және де беккемлеўге қаратылған мәмлекетлераралық қатнасықлардыӊ жаӊа басқышын шәртнамалық-ҳуқықый жақтан беккемлеўден ибарат.

Шәртнама тийкарында тәреплер ҳеш қандай блок яки аўқамларда қатнаспаў, сондай-ақ, басқа тәрепке қарсы қаратылған ҳәр қандай ҳәрекетлерде қатнаспаў миннетлемелерин тастыйықлайды, деп мәлимлеме береди хабар.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги