Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигинде   баспасөз конференциясы болып өтти. Илажда  тараў қәнигелери ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасып, онда тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар, машқалалар ҳәм алдағы режелер ҳаққында сөз етилди.

Конференцияда сөзге шыққан министрликтиң  транспортты раўажландырыў секторы бас қәнигеси М.Жиемуратов тараўда алып барылып атырған жумыслар бойынша жыйналғанларға кең түрде мағлыўмат берди.

Бүгинги күнде республикамыздың қала ҳәм районларында жәми 171 транспорт кәрханалар болып, оларда 3413 автомобиль халық ийгилиги ушын хызмет етпекте.

Сондай-ақ,  жолаўшыларға қолайлылықлар жаратыў  ҳәм жол транспорт хызметине өзгерислер киргизиўди басқышпа-басқыш әмелге асырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўы менен «Нөкис қаласы транспорт хызмети» жуўапкершилиги шекленген жәмийети дүзилип, «Тошшахар транспорт хизмети» АЖ ға тийисли 80 «Исузу» маркалы автобус алып келинди.

Усы автобуслардың 40 данасына республикамыз бюджетинен ажыратылған қаржы есабынан газ үскенелери орнатылды ҳәм пайтахтымыздағы 5-санлы «Шадлы аўыл»-Темир жол вокзал-Нөкис Арқа батыс әскерий бөлими», 15-санлы «Шымбай гүзары МПЖ -Үргеништрансгаз» жөнелислерине жол ҳәрекетине қойылды.

Қарарқалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги тәрепинен пайтахтымыздағы  автобус ушын арналған жол сызықлары үйренилип,  усыныслар ислеп шығылды. Усыныслар нәтийжесинде Е.Алакөз көшесинде автобус ушын арналған жол сызықлары сызылды.

Сондай-ақ, қала орайындағы дийқан базарына кириўши 56 тәкирарлаўшы жөнелислерди оптималластырыў ўазыйпалары белгиленген. Буннан тысқары, бир-бирин тәкирарлаўшы 92 жөнелистеги такси жөнелислери оптималластырылып, 29 ға қысқартырылды ҳәм М1 категориялы (Дамас) автотранспортлар М2 категориялы (микроавтобус) жәмийетлик транспортларға басқышпа-басқыш алмастырылыў ислери әмелге асырылды.

Ҳәзирги ўақытта «Дамас» автомашинасына жолаўшы тасыўда ҳәрекетлиниўи ушын лицензия бериў тоқтатылды. Оптималластырылыў нәтийжесинде басқышпа-басқыш «Дамас» автомашинасының орнына ҳәзирги ўақытта автобус ҳәм микроавтобуслар жолға қойылмақта. Июнь айында  қалған автобуслар алып келинип, жолға қойылыўы нәзерде тутылған.

Жәмийетлик транспорт инфраструктурасын ислеп шығыў бойынша ис режеси ҳәм жол картасы ислеп шығылып, усы тийкарда жумыслар алып барылмақта.

Брутто шәртнамасы бойынша системаны енгизиў шөлкемлестирилип, экспертлер менен шәртнамалар дүзилип, бул бағдардағы жумыслар басланбақта. Сондай-ақ тараўда санластырыў мәселесине итибар қаратылып, бул бағдарда қәнигелердиң билими жетилистирилип,  тендерди шөлкемлестириў, лицензиялаў ислерине  қатнасыўды аралықтан әмелге асырыў илажлары да  көрип шығылмақта. Соның менен бирге раўажланған мәмлекетлерде қолланылып атырған «Ақыллы бәндиргилер» ди пайтахтымызда  қурыў жойбары исленбекте. Бәндиргилер тендерге қойылып, олардың өз ийелери болады. Алдағы ўақытлары пайтахтымыздағы «Султанбек» саўда орайы алдында жолаўшылардың светофор жанында нызамсыз түрде өтип атырғынлығы есапқа алынып, жол үсти көпирин қурыў усыныс етилген.

Конференция даўамында ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери транспорт тараўында әмелге асырырылп атырған өзгерислер, машқалалар, алдағы режелер ҳаққында қәнигелерге усынысларын билдирип, өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды.



 

Г.Турдышова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы