Нөкис әскерий прокуратурасы, әскерий суд, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими, бәнтликке көмеклесиў орайы, орайлық банк хвзметкерлери тәрепинен Миллий гвардияныӊ Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы хызметкерлери ҳәм олардыӊ шаӊарақ ағзалары ушын көшпели қабыллаў өткерилди.

Халық пенен турақлы пикирлесиў, пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларды шешиўдиӊ нәтийжели механизми ҳәм усылларыныӊ енгизилгени мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардыӊ әҳмийетли бағдарына айланды. Адамлардыӊ дәртин тыӊлаў, олардыӊ аўырын жеӊил етиў пуқараларымыздыӊ әдилликке, мәмлекетке болған исенимин беккемлеўге хызмет етпекте.

Гезектеги көшпели қабыллаўда хызметкерлер ҳәм олардыӊ шаӊарақ ағзалары өзлерин қыйнап киятырған мәселелер бойынша мүрәжатларын билдирди. Ўақыт ҳәм үйрениў талап ететуғын мүрәжатлар тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлерге тапсырылып, олардыӊ орынланыўы қадағалаўға алынды.


Арзыгүл ЕСЕМУРАТОВА,

ҚМУ, Мәлимлеме хызмети ҳәм
жәмийетшилик пенен байланыслар тәлим бағдарының 2-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги