Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде “Ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда ўақыяларды қалыс сәўлелендириў, бүгинги жағдай, усыныс ҳәм пикирлер” атамасында регионаллық конференция болып өтти.

ϴзбекстан Журналистлери аўқамы ҳәм оның Қарақалпақстан бөлими тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген илажға республикамыз ҳәм Хорезм ўәлаяты ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, блогерлер, студент-жаслар қатнасты.

Регионаллық конференцияны университет проректоры С.Алаўатдинов басқарып барды.

Буннан кейин ϴзбекстан журналистлери аўқамының баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Х.Салимов, ϴзбекстан жәҳән тиллери университети Халықаралық журналистика факультетиниң доценти, “Жаңа медиа тәлим” орайының директоры Б.Алимов шығып сөйлеп, хабар таярлаўдың жуўапкершилиги, миллий контент жаратыў, социаллық тармақларда дезинформация ҳәм мисинформация жаратыў, оларға қарсы гүресиў мәселелерине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, бүгинги глобалласыў дәўиринде халқымыздың мәлимлеме алыўға болған талабы артып бармақта. Соның ушында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлерге айрықша жуўапкершилик жүкленеди. Себеби жәрияланып атырған ўақыялар халқымызға анық ҳәм дурыс жеткерип берилиўи тийис. Буның ушын журналистлерден айрықша жуўапкершилик талап етиледи.









Конференцияда журналистлер ҳәм студент-жаслар күн тәртибиндеги мәселелер бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

ϴзбекстан журналистлери аўқамының баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Х.Салимов, ϴзбекстан жәҳән тиллери университети Халықаралық журналистика факультетиниң доценти Б.Алимов университет жанындағы “Жас журналистлер клубы” ағзалары ушын шеберлик сабағын өтти. Сондай-ақ, усы күни бир топар ветеран журналистлердиң ҳал-жағдайынан хабар алынып, оларға ϴзбекстан журналистлери аўқамы атынан естелик саўғаларын тапсырды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги