Буннан жетпис жыл бурын республикамыз  халқына, халық хожалығының барлық тараўларына электр энергиясын жеткерип берип баслаған Тақыятас ЫЭС да бүгинги күнге шекем қаншадан-қанша  тәжирийбели  қәнигелер хызмет еткен. Өз кәсибиниң пидайысы болған қәнигелер бүгинги күни де кәрханада көпшиликти курайды. Солардың бири «Тақыятас» ЫЭС акционерлик жәмийетиниң оңлаўға таярлаў ҳәм оңлаў ислерин алып барыў бөлиминиң қәнигеси Гәўҳар Аметова.

1994-жылы Ташкент мәмлекетлик техника университетин тамамлап, кәрханада электромонтёр ўазыйпасын атқарып баслаған ол, өзиниң 30 жыллық мийнет жолында  қәўипсизлик техникасы бойынша үлкен инспектор ҳәм  бүгинги күнге шекем оңлаўға таярлаў ҳәм оңлаў ислерин алып барыў бөлими қәнигеси болып жумыс алып бармақта.

_Мектепте оқып жүрген пайытларымызда физика пәни муғаллимимиз электр энергиясын ислеп шығарыў процесин өз көзимиз бенен көрип, танысыўымыз ушын Тақыятас ЫЭС қа алып барды. Басқарыў шитинде ислеп атырған қәнигелердиң шаққанлық ҳәм зийреклик пенен өндирис процесин қадағалап атырғанлығын көрип, бул кәсиптиң жуўапкершиликли ҳәм машақатлы екенлигин аңғарғанман. Әне сол пайыттың өзинде менде энергетик болыў нийети пайда болған,-дейди Гәўҳар.

Әдетте өндирис кәрханаларында жумыс процеси машақатлы  болғанлықтан ҳаял-қызлар бундай кәсипти шенде-шен  таңлайды. Бирақ Гәўҳар қандай қыйыншылық болса да кәсипке деген меҳири себепли қыйыншылықларды жеңип, мийнет етип келмекте. Бул оған мақтаныш сезимин бағышлайды.

Ол бүгин жәмәәтте ҳүрмет иззетке ийе тәжирийбели қәниге болыўы менен бирге, шаңарақта перзентлериниң меҳрибан анасы. Сондай-ақ, жәмийетлик жумыслардың белсендиси болып, кәрханада ҳаял-қызлар кеңесиниң баслығы ўазыйпасын да инабатлы атқарып келмекте.

– Мәмлекетимизде ҳаял-қызларға үлкен итибар қаратылып,  жәмийетимиздиң таянышы сыпатында ҳүрметленип келинбекте. Бизиң кәрханамызда да ҳаял-қызлардың өндиристеги орны  ҳәм ролине жоқары баҳа берилип, олардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм мәплерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша жумыслар алып барылмақта,- дейди ол.

Өзиниң мийнет жолында ол бир неше шәкиртлердиң устазына айланған болса, бүгинги күнде кәрхана жас қәнигелер менен толыспақта. Ол жас қәнигелерге кәсип сырларын үйретиўден жалықпайды.

Алдына анық мақсет қойып, оған жетисиў ушын мийнет етиў Гәўҳардың тийкарғы нийети. Бундай жақсы нийетлер оны үлкен табысларға жетелейди деген үмиттемиз.


Г. Турдышова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы