Қытай Халық Республикасыныӊ Пекин қаласында болып өткен Өзбекстан-Қытай билимлендириў форумында еки мәмлекет тәрепинен 100 ден аслам жоқары билимлендириў шөлкеминиӊ басшылары, илим ўәкиллери, министрлик ҳәм уйымлардыӊ жуўапкерлери қатнасты.

Қытай университетлериниӊ ўәкиллери менен бирге ислесиў шеӊберинде академиялық мобильлик, студентлер алмасыўы, билимлендириўде жасалма интеллектти енгизиў, профессор-оқыўшылардыӊ қәнигелигин арттырыў ҳәм әмелият өтеў мәселелери додаланды.

Форумда Ташкент мәмлекетлик транспорт университети проректоры А.Ғуломов та қатнасып, айырым билимлендириў шөлкемлери менен бирге ислесиў ҳаққында келисимлерге ерисилди. Атап айтқанда, Ташкент мәмлекетлик транспорт университети ҳәм Тьянзин теӊизшилик колледжи менен “Лу Бань устаханасы”ныӊ қурылыс жумысларын жаӊа басқышқа шығарыў бойынша қол қойылған меморандумға бола, лабораторияныӊ қурылыс жумысларын усы жылдыӊ ақырына шекем жуўмақлаў ҳәм керекли техникалық үскенелер менен тәмийинлеў режелестирилген. Соныӊ менен бирге, транспорт инфраструктурасын раўажландырыў бағдарында лабораторияда алып барылатуғын жумыслар бойынша Қытай тәжирийбесин қолланыў нәзерде тутылған.

Қытайдыӊ жетекши жоқары билимлендириў шөлкемлеринен бири Тьянзин Жәҳән тиллери университети менен Бирге ислесиў келисими де Ташкент мәмлекетлик транспорт университети ушын тәжирийбе алмасыўда қолайлы әмелият болады.

Келисимде профессор-оқытыўшылар, илимий ҳәм административлик хызметкерлер, түрлес қәнигеликлер бойынша студентлер алмасыўы, илимий изертлеўлер тараўында бирге ислесиў, оқыў ҳәм илимий-изертлеў, илимий конференция ҳәм таӊлаўларды биргеликте шөлкемлестириў, түрли оқыў ҳәм илимий материаллар, илимий басылымлар ҳәм академиялық мағлыўматлар алмасыў сыяқлы ҳәр еки тәреп ушын өз-ара пайдалы бирге ислесиў нәзерде тутылған.

Нилуфар Бозорова,  ӨзА