Самарқандта Өзбекстан Республикасы Биринши Президентиниң туўылған күнине бағышланған илажлар Ҳәзирети Хизр комплексинде Ислам Кәримов мақбарасын зыярат етиў менен басланды.

Самарқанд ўәлаяты ҳәм қалалық ҳәкимликлериниң басшылары, белсендилер ҳәм жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында Қуран аятлары оқылды.

Ислам Кәримовтың ғәрезсиз Өзбекстан мәмлекетин қурыў ҳәм халықаралық майдандағы абырай-мәртебесин арттырыў, халқымыздың абаданлығы жолында әмелге асырған жумыслары еске алынды.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен Биринши Президентимиздиң мақбара-комплексиниң қурылыўы, Ташкент, Самарқанд ҳәм Қаршы қалаларында Ислам Кәримов естелигиниң орнатылыўы, ҳәр жылы туўылған күни кең көлемде белгилениўи халқымыздың өзиниң ардақлы перзентиниң естелигине жоқары ҳүрмет белгиси екени атап өтилди.

Буннан кейин Регистан майданы жақынында орнатылған Ислам Кәримовтың естелигине гүллер қойылды.

– Биринши Президентимиз Самарқандтың перзенти сыпатында ески қаламыз бенен мақтаныш ететуғын ҳәм оның данқын және де арттырыўға оғада үлкен үлес қосқан инсан сыпатында қала турғынларының ядында мәңги жасамақта, – дейди «Нураний» қоры Самарқанд қалалық бөлиминиң баслығы Хуршид Нуруллаев. – Ўатанымыз ғәрезсизликке ерискеннен кейин, тарийхый-мәдений естеликлерди қәстерлеп сақлаў ҳәм оларды абат етиўде Ислам Кәримовтың хызметлери шексиз болды. Әсиресе, Әмир Темур ҳәм темурийлерге байланыслы естеликлердиң қайта тиклениўи, реставрацияланыўы, қаламызда Саҳыпқыран бабамыз естелигиниң орнатылыўы Самарқандтың әзелий данқын тиклеў менен тең болып есапланады.

Ғ.ХАСАНОВ,

ӨзАның хабаршысы