Ҳәзирги ўаққытта Өзбекстандағы барлық тереклер санластырылып, хатлаўдан өткерилмекте. Ташкент қаласында болса сынақ ретинде тереклер паспортластырылады. Тереклерди паспортластырыў 3 басқышта әмелге асырылады.

1-басқыш шеӊберинде барлық аймақлардағы жасыл қапламалы майдан анықланды. Онда аймақлардағы барлық тереклер ҳәм путақлардыӊ майданы, жасалма жолдаслар арқалы алынған фотосүўретлерден пайдаланып, геомәлимлеме системасы арқалы қайта исленди. Жәми 5 жастан жоқары 254 миллионнан аслам тереклердиӊ координаталары анықланып, санлы картасы жаратылды.

Соныӊ менен бирге, 2-3-басқышларда хатлаў жумыслары инспекторлар тәрепинен орынға барған ҳалда әмелге асырылмақта. Онда “Жасыл мәкан” электрон платформасы жетилистирилип, тереклерди хатлаў бойынша тереклер реестри системасы енгизилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги