Қараөзек районы ҳәкимлиги,  район прокуратурасы,  Мәжбүрий орынлаў бюросы,  Ишки ислер бөлими,  Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими тәрепинен усы аймақта жасаўшы жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде, гезектеги бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Ярмаркаға район аймағындағы 14 кәрхана 65 бос жумыс орынлары менен қатнасты.


Онда пуқаралар өзлериниң қәнигеликлери ҳәм уқыбы бойынша бос жумыс орынлары менен танысып, 11 пуқараға турақлы жумысқа кириў ушын,  3 пуқараға жәмийетлик жумысқа жоллама берилип, олардың жумыс пенен  бәнтлиги тәмийинленди.

Сондай-ақ,  2 пуқараға кәсип-өнерге оқыў ушын жолламалар берилди.

-Бундай ярмаркаларды жыл даўамында шөлкемлестириўди өзлеримизге реже етип алғанбыз,-дейди Қараөзек районлық Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими баслығының орынбасары Даўытбай Иззетуллаев.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы