Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасыныӊ Спикери Нуриддин Исмоилов Қытай Халық Республикасы Пүткилқытай халық ўәкиллери кеӊеси Турақлы комитети Баслығыныӊ орынбасары Чжан Цинвей басшылығындағы делегация ағзалары менен ушырасты.

Ушырасыўда делегация ағзаларына «Өзбекстан – 2030» стратегиясында белгиленген тийкарғы ўазыйпалар, оныӊ шеӊберинде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кеӊ көлемли реформалар, жаӊа редакциядағы Конституция нормаларын әмелге асырыў бағдарындағы ис-ҳәрекетлер ҳәм Нызамшылық палатасы жумысыныӊ тийкарғы бағдарлары ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.

Өз гезегинде, Чжан Цинвей соӊғы жыллары Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен алып барылып атырған теӊ салмақлы, ашық ҳәм конструктивлик сыртқы сиясат жәмийетшилик тәрепинен жоқары баҳаланып атырғанын айрықша атап өтти. Парламентлераралық бирге ислесиўди және де кеӊейтиў ҳәм беккемлеў, усы бағдардағы байланысларды көбейтиў ҳәр тәреплеме пайдалы екенин атап өтти.

Соныӊ менен бирге, бүгинги геосиясий ҳәм геостратегиялық қурамалы жағдай регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў, мәмлекетлер арасындағы байланысларды және де беккемлеўди талап етип атырғаны, бул жолда еки мәмлекеттиӊ үзликсиз бирге ислесиўи тийкарғы әҳмийетке ийе екени айрықша атап өтилди.

Чжан Цинвейдиӊ пикиринше, еки мәмлекет раўажланыўыныӊ әҳмийетли басқышында өз-ара товар алмасыў көлемин арттырыў, энергетика, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа тараўлардағы реформаларды жедел раўажландырыўға қаратылған жумыслар әҳмийетли орын тутады.

Өзбекстан региондағы экономикасы ири мәмлекетлерден бир  екени, бул жалпы ишки өнимниӊ өсиўинде де айқын көринип атырғаны айрықша тән алынды.

Ушырасыўда Өзбекстан – Қытай арасындағы парламентлераралық бирге ислесиў байланысларын кеӊейтиў, норма дөретиўшилиги тараўында тәжирийбе алмасыў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, мәмлекетлер арасындағы саўда-экономикалық, инвестициялық бирге ислесиў, транспорт-коммуникация, туризм ҳәм басқа тараўлардағы байланыслар көлемин және де кеӊейтиў мәселелери бойынша да сөз болды.

М.КОМИЛОВА,
ӨзА