Өзбекстан ҳәм Қытай мәмлекетлери арасында байланыслар дослық ҳәм ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик тийкарында раўажланып бармақта. Бунда жоқары дәрежедеги жедел сиясий сөйлесиў айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Кейинги 5 жылда мәмлекетлеримиз арасында өз-ара товар алмасыў көлеми еки есеге өсип, 9 миллиард доллардан асламды қурады. Бул дәўирде Қытай инвестициясының көлеми де 5 есеге, компаниялар саны болса 3 есеге артты.

Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева ҳәм Пүткилқытай халық ўәкиллери кеңесиниң турақлы комитети баслығының орынбасары Чжан Цинвэй ушырасыўында усы ҳаққында сөз болды. Өзбекстан ҳәм Қытай қатнасықларының кең шеңбери, атап айтқанда, сиясий саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық тараўлар бойынша өз-ара пайдалы бирге ислесиў байланысларын буннан былай да беккемлеў мәселелери додаланды.

Сөйлесиў даўамында биргеликте инновациялық ҳәм технологиялық қуўатлылықларды жаратыў, атап айтқанда, автомобиль қурылысы, жасыл энергия, ақыллы аўыл хожалығы, суўды үнемлейтуғын технологияларды ислеп шығарыў тараўларында жойбарларды әмелге асырыў бойынша пикир алысты.

Өз-ара қатнасықлардың және бир әҳмийетли бағдары сыпатында регионлараралық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерине итибар қаратылды. Усы жылдың өзинде әмелге асырылған сапарлар нәтийжесинде улыўма баҳасы 3,5 миллиард доллар муғдарында жүзден аслам инвестициялық келисим ҳәм шәртнамалар бойынша келисимге ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Сондай-ақ, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў, биринши гезекте, билимлендириў, илим ҳәм технология, мәденият ҳәм туризм тараўларын буннан былай да раўажландырыў керек екени ҳаққында айқын пикир билдирди.

Тәреплер терең ҳәм өз-ара пайдалы шериклик тийкарда сыпатында еки мәмлекет парламентлери арасындағы бирге ислесиў әҳмийетли екенин атап өтип, бул бағдарда кейинги жылларда белсендилик бақланып атырғаны, қатнасықларды әмелий жойбарлар менен және де байытыў керек екенине тоқтап өтти.

Парламент делегацияларының сапарларын жеделлестириў, биргеликте илажлар өткериў, жергиликли бюджетлердиң орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды әмелге асырыўда өз-ара тәжирийбе алмасыў, сондай-ақ, исбилерменликти раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, «жасыл экономикаға» өтиў, суў ресурсларын қорғаў сыяқлы бағдарларда бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға келисип алынды.

Н.Абдураимова, ӨзА