Олий Мажлис Сенатының гезектеги жалпы мәжилиси алдынан комитетлердиң мәжилислери болып өтпекте. Бюджет ҳәм экономикалық реформалар мәселелери комитетиниң мәжилисинде «2024-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Мәжилисте келеси жылы Мәмлекетлик бюджеттиң дәраматлары 270,4 триллион сумды, қәрежетлери болса мәмлекетлик мақсетли қорларына трансфертлерди инабатқа алған ҳалда 312,9 триллион сумды қурайтуғыны атап өтилди.

Бюджет қәрежетлериниң социаллық бағдарланғаны сақлап қалынады. Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, социаллық қорғаў, илим, мәденият ҳәм спортты раўажландырыў, мүтәж халықты турақ жай менен тәмийинлеў ҳәм басқа да социаллық илажлар ушын жәми Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң 50 проценти ямаса 151,5 триллион сум қаратылады.

«Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам менен исбилерменлердиң судқа шағым етиў имканиятларының кеңейтилиўи күтилмекте.

Мәжилисте басқа нызамлар сондай-ақ, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятларының аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған «Жол картасы»ның орынланыўы додаланды.

Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў режесиниң сапалы орынланыўын тәмийинлеў, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде ажыратылған кредит қаржыларынан нәтийжели пайдаланылыўына ерисиў бағдарында аймақларда шешимин күтип атырған машқалалар да бар екенлигине итибар қаратылды.

***

Аграр ҳәм суў хожалығы мәселелери комитетиниң мәжилисинде де жоқарыда атап өтилген нызамлар дәслепки түрде көрип шығылды.

Аграр тараўға ажыратылып атырған бюджет қаржыларының жумсалыўы бойынша анық есап-санақлар исленгени бойынша жуўапкер министрлик ҳәм уйымлар ўәкиллериниң баянатлары тыңланды.

Мәжилисте жайлаўлар деградациясының азық-аўқат қәўипсизлиги, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм қоршаған орталыққа унамсыз тәсири бойынша Министрлер Кабинетине парламент сораўын жибериў мәселеси де додаланды.

4,2 миллион гектар жайлаўда геоботаникалық изертлеўлер өткерилип, деградацияға ушыраған жерлердиң карталары таярланған сондай-ақ, 420 мың гектар деградацияға ушыраған жайлаўларды қайта тиклеў ҳәм жақсылаў бойынша әмелий жумыслар алып барылмақта.

Соның менен бирге, өз шешимин күтип атырған бир қатар әҳмийетли мәселелер ҳаққында да сөз болды.

Буннан тысқары, аймақларда аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы сондай-ақ, ирригация-мелиорация объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў бойынша әмелге асырылған жумыслардың жағдайын үйрениў нәтийжелери додаланды.

Сырдәрья ўәлаятының Сайхунабад, Гүлистан ҳәм Боёвут районларында айырым ирригация объектлериндеги гидротехнологиялық имаратларды автоматластырыў жумысларының орынланбағаны ҳәм «Ақыллы суў» қурылмалары толық орнатылмағаны атап өтилди.

Н.Абдураимова,

ӨзА