Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 5-январьдағы “Өзбекстан Республикасында туризмди жедел раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманы менен тастыйықланған “2019-2025-жылларда Өзбекстан Республикасында туризм тараўын раўажландырыў Концепциясын әмелге асырыў бойынша илажлар режеси”не ҳәм Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 28-сентябрьдеги “2022-2026-жылларда Қарақалпақстан Республикасында туризм потенциалын раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып, ҳәр жылы май айында Мойнақ районы Үстирт тегислигиндеги экстремал маршрут бойлап, Өзбекстан Республикасы Президенти сыйлығы ушын автомобиль спорты бойынша “Rally Muynak” Өзбекстан ашық чемпионаты жарыслары шөлкемлестирилип келинбекте.

Бул жарыс дәстүрий түрде май айының үшинши он күнлигинде өткерилип келинбекте.

Жарыслардың быйылғысы да, Өзбекстан Республикасы Қорғаныўға көмеклесиўши “Ватанпарвар” шөлкеми тәрепинен, Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы Туризм комитети, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси менен биргеликте 23-26-май күнлери шөлкемлестирилди.

Жарыстың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеев, Өзбекстан Республикасы Қорғаныўға көмеклесиўши “Ватанпарвар” шөлкеми орайлық кеңеси баслығының орынбасары А.Қурбаниязов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, өткерилип атырған илаждың әҳмийетине тоқтап өтип, қатнасыўшыларға әўмет тиледи.

Мойнақ районындағы маяк жанынан мотокросс, автомобиль ҳәм багги экипажларына старт берилди.

Автомобиль жарыслары Мойнақ районындағы экстремал маршрут бойлап, жәми 48 экипаж ағзаларының қатнасыўында, улыўма аралығы 450 километр болған, 13 қадағалаў пунктине ийе ҳәм 10 арнаўлы оператив ҳәрекетлениўи бар участкалы жоллардан өтти.

– Чемпионатты шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет – регионда туризмди раўажландырыў ҳәм саяхатшылар ағымын көбейтиў, спорт ҳәм фестивальлар туризмин раўажландырыў, автомотоспорт түрлерин ғалаба ен жайдырыў, соның менен бирге, келешек әўладты техникалық ҳәм әмелий спорт түрлерине тартыўдан ибарат,-дейди А.Қурбаниязов. – Буннан тысқары, раллиди шөлкемлестириў арқалы районда туризм тараўында жумыс ислеп атырған кәрхана ҳәм хызмет көрсетиў тараўын қоллап-қуўатлаў болып есапланады.

Мәмлекетимиздиң түрли мүйешлеринен ҳәм сырт еллерден келген спортшылар еки тайпадағы спорт автомобиллеринде, двигателиниң көлеми 1600 см3.ге шекемги “А-8” ҳәм двигателиниң көлеми 2000 см3.ге шекемги “А-9” классларындағы автомобильлерде беллести.





Соның менен бирге, двигателиниң көлеми 2000 см3.ге шекемги “Багги” ҳәм двигателиниң көлеми 125 см3.ге шекемги ҳәм 500 см3.ге шекемги мотоцикльлердиң жарыслары да шөлкемлестирилди.

“Rally Muynak – 2024” автомотоспорт жарысларында 135 тен аслам автомотоспорт усталары, 48 автомобиль, 25 спорт мотоцикль, 11 “Багги” қатнасты.

Үш күн даўам еткен бул жарыста жеңимпазлар анықланып, Мойнақ районында “Rally Muynak – 2024” жарысы бойынша Өзбекстан чемпионатының салтанатлы сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы қорғаныўға көмеклесиўши “Ватанпарвар” шөлкеми, Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы Туризм комитети менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан, сондай-ақ, Қазақстан, Қырғызстан Республикасынан 150 ге шамалас автомотоспорт шеберлери қатнасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Т.Романов шығып сөйлеп, авторалли жарысларында белсене қатнасқан спортшыларға әўмет тиледи.

Буннан соң жеңимпазларды сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Двигателиниң көлеми 125 см3.ге шекемги мотоцикльлер клаcсы бойынша 1-орынды Наўайы ўәлаятынан Богдан Цатурян, 2-орынды Бухара ўәлаятынан Бахтиёр Ахмедов, 3-орынды Бухара ўәлаятынан Элбек Азамкулов, 500 см3.ге шекемги мотоцикльлер жарыслары бойынша 1-орынды Бухара ўәлаятынан Жасурбек Саматов, 2-орынды Бухара ўәлаятынан Бекзод Халимбоев, 3-орынды Бухара ўәлаятынан Дастан Азамкулов, “Багги” классы бойынша 1-орынды Ташкент қаласынан Ровшан Қобилов,  2-орынды Әндижан ўәлаятынан Илхом Ахмедов, 3-орынды Жиззақ ўәлаятынан Шахбоз Нарзикуловлар ийеледи. Жеңимпазлардан биринши орынды ийелеген спортшыларға 15, екинши орынды ийелеген спортшыларға 10, үшинши орынды ийелеген спортшыларға 5 миллион сум сыйлық ҳәм медальлар тапсырылды.

– Мен мотоспорт пенен 2006-жылдан берли шуғылланаман. Республикамызда ҳәм басқа сырт еллерде өткерилип атырған спорт жарысларына турақлы түрде қатнасып киятырман. Бул илажларда қатнасыўыма Өзбекстан Республикасы Қорғаныўға көмеклесиўши “Ватанпарвар” шөлкеми тәрепинен көплеген жәрдемлер көрсетилмекте. Биринши орынды ийелегенимнен қуўанышлыман, қалған жарысларда да байрақты қолдан жибермеўге ҳәрекет етемен,-дейди Б.Цатуриян.

Жарыста двигателиниң көлеми 1600 см3.ге шекемги “А-8” класcы бойынша 1-орынды Самарқанд ўәлаятынан Фикрат Ахтамов, Фируз Джумаев, 2-орынды Сырдәрья ўәлаятынан Нурбек Имомқулов, Асқар Хасанов, 3-орынды Ташкент қаласынан Евгений Ким, Жамол Мирхасилов, ал двигателиниң көлеми 2000 см3.ге шекемги “А-9” класcы бойынша 1-орынды Ташкент қаласынан Фаррух Урынов, Отамурод Собиров, 2-орынды Бухара ўәлаятынан Рашид Муродов, Қилич Нарзиқулов, 3-орынды Самарқанд ўәлаятынан Шухрат Обиджанов, Сергей Скворцовлардың экпипажлары ийеледи. Олардан биринши орынды ийелеген спортшылар 100, екинши орынды ийелеген спортшылар 50, үшинши орынды ийелеген спортшылар 15 миллион сум сыйлық ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

Буннан тысқары, жарыста белсене қатнасқан спортшыларға баҳалы саўғалар тапсырылды.

Чемпионат даўамында қатнасыўшылар ушын район амфитеатрында концерт бағдарламасы, диджейлердиң электрон музыка концерт бағдарламалары қойып берилди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги