Бирлескен Араб Әмирликлериниң «Хазза Бин Зайед» стадионында Азия чемпионлар лигасының жуўмақлаўшы финал ойыны болып өтти.

Онда Эрнан Креспо басшылығындағы «Ал Айн» ҳәм Японияның «Йокогама Маринос» клубы өз-ара жуўап ойынында беллести. Қызықлы өткен ушырасыў жуўмағында, майдан ийелери «Ал Айн» япониялы футболшыларды 5:1 есабында жеңип шығыўға миясар болды ҳәм усы турнирдиң ең соңғы жеңимпазына айланды.

Себеби, келеси жылдан баслап Азия чемпионлар лигасы Элит лига деп аталады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги