Усы жыл 25-май күни Нөкис қаласындағы Жаслар орайы имараты алдында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўы менен Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен  2023-2024-оқыў жылының питкериўшилерине арналған “Pitkeriwshi party кешеси болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев қатнасты ҳәм питкериўши жасларды қутлықлап, оларға ҳақ жол тиледи.

Атап өтилгениндей.  Президентимиздиң басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар нызам, пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Қарақалпақстанлы жасларға қаратылып атырған айрықша итибар нәтийжесинде өткен 2023-2024-оқыў жылында мәмлекетлик грант тийкарында қосымша 3 мың квота, соның менен бирге төлемли-контракт тийкарында қосымша 7 мың квота ажыратылған еди.

Бул ийгиликли ислер быйылғы жылда да даўам еттирилип, қосымша 6 мың 500 квота ажыратылғаны кеўиллерге айрықша мақтаныш сезимлерин бағышлайды. ϴткен жылларға нәзер таслайтуғын болсақ, жаслар турмысында үлкен тарийхый өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз берип атырғанын көплеген мысалларда көриўимиз мүмкин.

Кеше көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың йошлы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги