Японияның Кобе қаласында болып өткен пара жеңил атлетика бойынша жәҳән чемпионаты өз жуўмағына жетти.

Дүньяның 103 мәмлекетинен мыңнан аслам пара атлетлер қатнасқан бул жарыста Өзбекстан сайланды командасы 7 алтын, 4 гүмис ҳәм 2 қола медалын жеңип алып, улыўма командалық есапта Қытай ҳәм Бразилия сайланды командаларынан соң үшинши орынды ийелеўге миясар болды.

Соны айрықша айтыўымыз тийис, бул көрсеткиш Өзбекстан Паралимпиясы тарийхында биринши мәрте жүз бермекте. Буннан алдын сайланды командамыз өткен 2 жәҳән чемпионатында 10 ҳәм 9-орынларды ийелеген еди.

Буннан тысқары, Нурхон Қурбонова ҳәм Асила Мирзаёрова өз бағдарында жәҳән рекордларын жаңалаўға еристи.

Атап айтқанда, чемпионат жуўмағында Қудратуллахон Маъруфхўжаев ядро ҳәм диск ылақтырыў, Хусниддин Норбеков ядро ылақтырыў, Нурхон Қурбонова найза ылақтырыў, Асила Мирзаёрова ҳәм Ёқутхон Холбекова узынлыққа секириў, Сафия Бурханова ядро ылақтырыў беллесиўлеринде алтын, Бобуржон Омонов, Дилафруз Аҳмадхонова ҳәм Кубаро Ҳакимова ядро ылақтырыў, Моҳигул Ҳамдамова диск ылақтырыў бойынша гүмис, Маъруфжон Муродуллоев 400 метр аралыққа жуўырыў, Нурхон Қурбонова ядро ылақтырыў жарысларында қола медальларын жеңип алыўға еристи.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги