Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиӊ мирәт етиўине бола Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин 26-май күни мәмлекетлик сапар менен елимизге келди.

Ташкент халықаралық аэропортында Россия Президентин мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев күтип алды.


Жоқары мәртебели мийманныӊ ҳүрметине еки мәмлекеттиӊ байрағы көтерилди ҳәм ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Буннан соӊ Президентлер «Жаӊа Өзбекстан» паркине барды.

Дәстүрге бола, Россия басшысы Мустақиллик монументине гүл қойды.

Комплексти қысқа көзден өткериў барасында жоқары мәртебели мийманға усы архитектуралық ансамбльдиӊ мазмуны ҳәм өзине тән тәреплери ҳаққында мағдлыўмат берилди.

Сапардыӊ тийкарғы илажлары 27-май күни болап өтеди.


Жоқары дәрежели сөйлесиўлер барысында басшылар Өзбекстан менен Россия арасындағы кеӊ көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм тереӊлестириў мәселелерин көрип шығады.





Саммит жуўмақлары бойынша еки тәреплеме ҳүжжетлер топламы қабыл етилиўи режелестирилген. Президентлер, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Россия аймақлары кеӊесиниӊ биринши мәжилисинде де қатнасады.

ӨзА