Күнлик ҳәм режедеги зәрүр нәрсени сатып алыў айлық мийнет ҳақыға байланыслы. Кейинги жылларда мәмлекетимиз халқының мүтәжлиги артқан. Сатып алыў да усыған жарасықлы болмақта.

Бүгин дерлик ҳәр бир шаңарақта кондиционер, кир жуўыў машинасы, шаң жутқыш ҳәм басқа үй ушын зәрүр техникалар бар. Егер буннан 10 жыл алдынғы дәўир менен салыстырсақ, ҳәзирги күнде жеңил машинасы жоқ шаңарақлар азшылықты қурайды. Итибарлы тәрепи, пуқараларымыз абадан жасаў мақсетинде турмыс тәризин заман талабына бейимлестирмекте.

Хош, өткен жыллар даўамында қайсы тараў ўәкиллериниң айлық мийнет ҳақысы көбирек артқан?

Бул сораўға жуўапты Макроэкономикалық ҳәм аймақлық изертеўлер институты тәрепинен өткерилген таллаўлардан излеймиз. Оған бола, илимий мәкеме экспертлери 2016-жыл баҳаларына салыстырғанда Өзбекстан экономикасы тармақларында реал айлық мийнет ҳақының өсиў пәтлерин үйренген.

Изертеў  нәтийжелери соны көрсетеди, изертеў дәўиринде қаржы 167,5 процент, мәлимлеме технологиялары – IT 91 процент, денсаўлықты сақлаў 44,2 процент ҳәм логистика 40 процент саяқлы тараўларда реал орташа айлық мийнет ҳақының ең жоқары өсиў пәтлери бақланған.

Реал орташа айлық мийнет ҳақы саўда 0,2 процент, қурылыс 16 процент ҳәм көркем өнер 17,1 процент сыяқлы тармақларда салыстырмалы төмен өскен. 2016-жыл баҳаларына салыстырмалы реал мийнет ҳақы 52,6 процентке артқан.

Сондай-ақ, МҲТИ қәнигелери қаржы, IT ҳәм логистика сыяқлы тараўларда оқытыўды усыныс етиўши 45 билимлендириў орайының жумысын да үйренди. Оған бола, қаржы курсларының орташа даўамлылығы 4 айды, айлық төлем муғдары болса орташа 1 миллион сумды қураған.

Демек, қаржы қәнигелиги бойынша оқып, усы тараўда жумысқа орналасқанлар 4 миллион сум жумсап, көби менен 1,5 айдың ишинде билимлендириўге жумсалған қәрежетин қаплай алады.

IT курсларының орташа даўамлылығы 6,5 айды, орташа төлем муғдары айына 1,5 миллион сумды ҳәм жумысқа қабылланғаннан кейин, оқытыў қәрежетлери орташа 2-3 ай ишинде қапланады.

Диспетчердиң оқыў мүддети орташа 1 айды, курслардың баҳасы болса орташа 2,3 миллион сумды қурайды. Айырым оқыў орайларының курслары жоқары нәтийжелер менен пиктерген питкериўшилерге жумыс орнын да усыныс етеди.

Бүгинги күнде логистика тараўы қәнигелери орташа 6 миллион сумлық айлық мийнет ҳақы алады. Олардың көпшилиги аралықтан турып жумыс ислейди.

Жуўмақ ретинде, мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплерди тезлик пенен ийелеў ҳәм буның ушын оқыў курсларында билим алыў турмыс шараятын жақсылыўдағы ең әҳмийетли дәрек болып табылады.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА