Бүгин елимиздиң барлық мектеплеринде быйылғы оқыў жылы жуўмақланып, мектеп питкериўшилери ушын арналған «Соңғы қоңыраў» кешелери өткерилмекте.
Нөкис қалалық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектеби тек ғана пайтахтымызда емес, ал, пүткил республикамызда өз орны ҳәм абырайына ийе оқыў дәргайларының бири болып табылады.
1238 оқыўшы тәлим алып атырған бул дәргайды жуўмақланып атырған оқыў жылында 173 оқыўшы, соннан 11-класты 59 оқыўшы питкерип шықпақта. Солардың арасынан барлық пәнлерден үлгили баҳаларға оқыған 3 оқыўшы «Алтын медаль»лар менен табыслы тамамлап атыр. Ал, 3 питкериўши болса, мүддетинен алдын АҚШ, Япония ҳәм Қубла Корея мәмлекетлеринде жайласқан жоқары оқыў орынларына кириўге миясар болған. 16 питкериўши инглис тили бойынша халықаралық дәрежедеги сертификатларды, 1 оқыўшы математика пәни бойынша миллий сертификатты қолға киргизиўге еристи.
Быйылғы оқыў жылы даўамында усындай үлкен табысларды қолға киргизген мектеп жәмәәти ҳәм питкериўшилерин қутлықлаў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Рустам Сапарбаев усы оқыў дәргайында шөлкемлестирилген «Соңғы қоңыраў» кешесине қатнасты ҳәм илаж қатнасыўшыларына Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң байрам қутлықлаўын оқып еситтирди. Сондай-ақ, кешеде оқыў жылы даўамында сабақларынан үлгили баҳаларға оқып, мүддетинен бурын студент болған питкериўшилер, олардың ата-аналары ҳәм устазларын қызғын қутлықлап, оларға мектептиң Ҳүрмет жарлықлары ҳәм Миннетдаршылық хатлары тапсырылды.
Соңынан мектепте «соңғы қоңыраў» қағылып, питкериў кешеси мектеп жәмәәти тәрепинен шөлкемлестирилген концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги