Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигине қараслы барлық улыўма билим бериў мектеплеринде “Соңғы қоңыраў” илажлары өткерилди.

Усындай илаж Нөкис қаласындағы И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебинде де болып өтти.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев қатнасып, Президентимиздиң улыўма билим бериў мектеплериниң питкериўшилерине жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди. Питкериўшилердиң алдағы оқыўларында табыслар тиледи.

Атап өтилгениндей, бүгинги күни мәмлекетимизде Президентимиздиң басшылығында өсип киятырған жас әўладты бәркамал инсан етип тәрбиялаў, билимлендириў тараўын түп-тийкарынан реформалаў, педагог-устазлардың мийнетин мүнәсип баҳалаў, жаслардың терең билим алыўы ушын барлық шараятларды жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта.  Елимиз басшысының улыўма билим бериў мектеплериниң питкериўшилерине жоллаған қутлықлаўын да атап өтилгениндей,  мәмлекетимизде нәўқыран әўлад ўәкиллерин ҳәр тәреплеме бәркамал инсанлар етип тәрбиялаў, олардыӊ нызамлы ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, қәбилет ҳәм потенциалын жүзеге шығарыўына  жүдә үлкен әҳмийет берилмекте. Себеби, жанажан Ўатанымыздыӊ келешеги, оныӊ тәғдири ҳәм раўажланыўы бүгин жақтылы класслар менен аудиторияларда қунт пенен билим алып атырған жаслардыӊ қолында.

Быйылғы жылы республикамыздағы 748 улыўма билим бериў мектебин 22880  оқыўшы питкерип, үлкен өмирге жоллама алмақта. Соннан 688 оқыўшы алтын, 188 оқыўшы гүмис медальлары менен питкерип атырған болса, 267 питкериўши Өзбекстан Республикасындағы ҳәм басқада сырт еллердеги жоқары оқыў орынларына мүддетинен алдын кириў бахтына миясар болды. Олардыӊ арасында И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебиниӊ оқыўшылары да бар.

Билим дәргайында ҳәзирги ўақытта 26 жоқары ҳәм биринши категориялы муғаллим жумыс алып бармақта. Соннан 14 педагог шет тилин билиў бойынша халықаралық, 13 педагог өз қәнигелиги бойынша миллий сертификатқа ийе.

Жәмәәтте филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин табыслы жақлап шыққан ҳәм министр фонды үстемеси жеңимпазы болған, “Дўстлик” ордениниң, “Шуҳрат” медалының ийеси болған көп жыллық тәжирийбеге ийе муғаллимлер жумыс алып бармақта.

Бүгинги күнде мектепте жәми 10 класта (7-11-класлар) 191 оқыўшы оқып билим алмақта. 2023-2024-оқыў жылында 11-класты 35 оқыўшы питкериў алдында тур. Солардан, 20 оқыўшы шет тилин билиў дәрежесиниң халықаралық ҳәм миллий сертификатына, 12 оқыўшы түрли пәнлерден миллий сертификатларына ийе.

2022-2023-оқыў жылындағы мектеп питкериўшилериниӊ барлығы жоқары оқыў орынларының студенти болыў бахтына миясар болды. Олардан бир нешеси сырт еллердиӊ  абырайлы оқыў дәргайларында, атап айтқанда, Америка Қурама Штатларының Массачусетс, Аризона штатларындағы, Түркияның, Кореяның белгили жоқары оқыў орынларында оқып билим алмақта. Сондай-ақ, бүгинги күнге шекем 48 оқыўшы шет тилин билиў дәрежесине ийе халықаралық сертификатқа, ал 20 оқыўшы пәнлерден миллий сертификатқа ийе болды.

Көпшилик күткен  “Соңғы қоңыраў” қағылып, илаж мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги