Бас прокурордың орынбасары С.Самадовтың басшылығындағы жумысшы топар республикамызда қурылысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы, бюджет қаржыларын оптималластырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы менен танысты.

Атап айтқанда, Беруний рнайонында Инвестициялық бағдарламаға муўапық Жуманиязов атындағы шаңарақлық шыпакерлик пунктин реконструкциялаў, 6, 70-санлы улыўма билим бериў мектеплерин қурыў, “Басламалы  бюджет” бағдарламасы шеңберинде  49-санлы улыўма билим бериў мектебиниң имаратын оңлаў, 2-санлы кәсип-өнер мектебине қосымша  имарат қурыў жумысларын көзден өткерип, жойбар-сметалық ҳүжжетлерин ислеп шығыўда баҳаларды жасалма көтермеў, артықша жумыс түрлериниң киргизилиўине жол қоймаў, қурылыста жойбардан шетке шықпаў бойынша көрсетпелер берилди. Соңынан райондағы “Шаббоз тош” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң бетон ҳәм асфальт ислеп шығарыў заводында болып, өндирислик процесслер менен танысты.

Сондай-ақ,Төрткүл районында Инвестициялық бағдарламаға муўапық “Ғалаба” мәкан пуқаралар жыйынында жайласқан Медицина бирлеспесиниң 70 орынлық туўыў бөлимин ағымдағы оңлаў, “Басламалы бюджет” бағдарламасы шеңберинде Медицина бирлеспесине қараслы туўыў бөлимин ағымдағы оңлаў, республикалық қыстаўлы медициналық тез жәрдем   орайы районлық бөлимин қурыў жумысларының жойбар-сметалық ҳүжжетлерине артықша киргизилген жумыс түрлерин алып таслаў арқалы қаржыны үнемлеў,  объектлердиң өз мүддетинде ҳәм сапалы пайдаланыўға тапсырылыўы ҳәм жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң жумысшы хызметкерлерин нызамлы дизимнен өткериў бойынша тийисли көрсетпелер берилди.

Буннан тысқары Елликқала районы “Думанқалъа” мәкан пуқаралар жыйынында 150 орынлық жаңа мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, медицина бирлеспесиниң туўыў бөлиминиң имаратын жаңадан қурыў, 41 ҳәм 31-санлы улыўма билим бериў мектеплерине қосымша имарат қурыў, Манғыт суў тазалаў мәкемеси,  “Жаңа Өзбекстан” массивлеринде турақ жайлар ҳәм коммуникация тармақлары объектлериндеги жумыслар көзден өткерилип, усыныслар билдирилди.

Үйрениўлер Тахтакөпир, Қараөзек ҳәм Шымбай районларында даўам етти.

Атап айтқанда, Тахтакөпир районында Инвестициялық бағдарламаға муўапық “КС-4” районлар аралық коллекторының ПК100+00 ден ПК210+00 ге шекемги бөлегин реконструкциялаў, “Басламалы бюджет” бағдарламасы тийкарында районлық медицина бирлеспесиниң терапия ҳәм туўыў бөлимлери имаратын оңлаў,  3-санлы улыўма билим бериў мектебине спорт майданшасын қурыў объектлеринде болып, қурылысты өз мүддетинде тапсырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Қараөзек районы “Ата мәкан” мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан жаңадан 60 орынлық мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин қурыў,  3-санлы улыўма билим бериў мектеби имаратын реконструкциялаў, С.Камалов аўыл пуқаралар жыйынына ишимлик суўы тармағын тартыў, “Жаңа Өзбекстан” массивлеринде турақ жайлар ҳәм коммуникация тармақларын қурыў объектлери көзден өткерилди. Шымбай районы “Тағжап” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “Киши қуйын” суў алыў мәкемесин реконструкциялаў, “Анна” ҳәм “Санатория” аўылларына ишимлик суўын тазадан тартыў, 4Р176 “Нөкис қ. – Шымбай қ. – Тахтакөпир о.” автомобиль жолының 0-14,3 км ҳәм 58-63 км бөлегин, 24 ҳәм 41-санлы улыўма билим бериў мектеплерин реконструкциялаў объектлеринде болып, қурылыстың сапасын системалы қадағалап барыў тапсырылды.

Орынларда үйрениўлер даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги