Халықаралық валюта қоры (ХВҚ) миссиясының мәмлекетимизге сапары даўамында Орайлық банк администрациясы менен ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда мәмлекетимиздеги соңғы экономикалық өзгерислер, әмелге асырылып атырған пул-кредит сиясаты, әмелдеги макроэкономикалық жағдай ҳәм прогнозлар ҳәм техникалық жәрдем сыяқлы мәселелер додаланды.

Атап айтқанда, өткен дәўир даўамында Орайлық банк тәрепинен глобал жағдайдан келип шығып, пул-кредит ҳәм макропруденциал сиясат бойынша әмелге асырылған соңғы өзгерислер ҳаққында мағлыўмат берилди.

Күтилип атырған макроэкономикалық раўажланыў бағдарларына муўапық Орайлық банк тәрепинен ислеп шығылған тийкарғы ҳәм альтернатив сценарийлерде нәзерде тутылған прогнозлар ҳәм олар бойынша қолланылыўы мүмкин болған илажлар кең көлемде додаланды. Онда ХВҚ миссиясының басшысы тәрепинен пул-кредит сиясаты ҳәм қаржы турақлылығы тараўында Орайлық банктиң қолланып атырған илажлары ҳәм алып барып атырған сиясаты қоллап-қуўатланатуғыны атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында келеси даўирлерде хызметкерлер потенциалын арттырыў бойынша ХВҚ тәрепинен усынылатуғын техникалық жәрдемниң бағдарлары белгилеп алынды.

Ш. Маматуропова, ӨзА