Қытайдың жетекши мәлимлеме агентлиги – «Синьхуа» бетлеринде Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң Бас директоры Абдусаид Кўчимовтың «Сийрек ушырасатуғын шынжырдың 31 айланбасы» темасында мақаласы жәрияланды. Мақала өткен 31 жыл ишинде турақлылыққа ийе болған Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы ҳәр тәреплеме стратегиялық қатнасықтың раўажланыўына бағышланған.

Гуанчжоу қаласында болып өткен «Пүткил дүнья жүзилик 5-медиа саммити» күнлери басып шығарылған бул мақалада еки мәмлекеттиң бирге ислесиўиниң раўажланып атырғаны, мәмлекет басшыларының өз-ара сапар ҳәм ушырасыўлары барлық дәрежедеги байланысларды беккемлеп, бул бағдарда жаңа горизонтлар ашып атырғаны атап өтилген.

– Орайлық Азия ҳәм Қытай арасындағы байланыслар бир неше мың жылларға барып тақалады, – делинеди мақалада. – Ҳәзирги ўақытта саўда-экономикалық, инвестициялық, билимлендириў, мәдений-гуманитарлық, қәўипсизлик, жоқары технологиялар, мәлимлеме алмасыўы ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларындағы Өзбекстан – Қытай қатнасықлары стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилген.

Автор усы жылдың май айында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң «Қытай – Орайлық Азия» саммити шеңберинде Қытайға еткен мәмлекетлик сапары оғада айрықша әҳмийетке ийе болып атырғанын айрықша атап өтти. Ташкент ҳәм Самарқандта 10 мыңнан аслам қытай тили қәнигесин таярлайтуғын Конфуций институтларының бар екенине де итибар қаратылады.

– Өзбекстан ҳәм Қытай қатнасығы жоқары дәрежеде раўажланып атыр. Бул процесс стратегиялық шериклик қатнасығын буннан былай да беккемлеў кепили болып есапланады. Ерисилип атырған нәтийжелер, мәмлекетлеримиз заманагөй тарийхта жаңа, жарқын бетлер ашпақта, – делинеди мақалада.

Б.Худойбердиев таярлады.

ӨзА