Мәмлекетимизде пахта-тоқымашылық кластерлерин және де раўажландырыў, фермер хожалықларында «Better Cotton» принципине тийкарланған система стандартларын енгизиў бағдарында бирге ислесиў беккемленеди.

Олий Мажлис Сенаты Баслығы, Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў миллий комиссиясы баслығы Танзила Норбоеваның «Better Cotton Iniative» (BCI) халықаралық коммерциялық емес шөлкеми бағдарламаларының аға директоры Дэмиен Санфилиппо менен ушырасыўда мине, усы мәселе додаланды.

Сөйлесиў ўақтында пуқаралық жәмийетиниң жедел қатнасыўында халықаралық мийнет стандартларын енгизиў ҳәм мүнәсип мийнет принциплерин үгит-нәсиятлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға итибар қаратылды.

Бизге белгили, тоқымашылық санаатына халықаралық стандартларды енгизиў ушын Миллий комиссия шеңберинде BCI стандартларының интеграцияласыў илажларын өз ишине алған айрықша «Жол картасы» қабыл етилген ҳәм орынланыўы тәмийинленбекте.

Ушырасыўда Миллий комиссия қурамындағы министрлик ҳәм уйымлар, сондай-ақ, BCI ҳәм басқа да халықаралық экспертлердиң қатнасыўында жумыс алып барыўшы көп тәреплеме Мәсләҳәт кеңесиниң жумысы шеңберинде исленетуғын жумыслар бойынша пикир алысылды.

«Better Cotton» халықаралық ҳүкиметлик емес шөлкеминиң жәрдеминде Өзбекстанда жумыс алып барып атырған Мәсләҳәт кеңеси мәпдар тәреплер, соның ишинде, мәмлекетлик уйымлар, пикирлесиўди шөлкемлестириў ушын турақлы платформа ўазыйпасын атқармақта.

Дэмиен Санфилиппо Өзбекстан халықаралық майданда өзине тартыўшы мәмлекет болып баратырғанын атап өтти. Абырайлы брендлердиң мәмлекеттеги пахта-тоқымашылық кластерлери менен бирге ислесиўге қызығыўшылығының жоқары екени, көп тәреплеме қарым-қатнас орнатыўда Өзбекстан басқа мәмлекетлерге жақсы үлги бола алатуғыны айрықша атап өтилди.

Ушырасыў соңында халықаралық мийнет стандартларын енгизиў тараўында жаңа биргеликтеги жойбарлар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыў арқалы бирге ислесиўди және де беккемлеўге келисип алынды.

Н.Абдураимова, ӨзА