СОР 28 – БМШ климат конференциясы шеңберинде Миллий бейимлесиў режелерин (ММR) әмелге асырыўға бағышланған илаж шөлкемлестирилди. Онда Өзбекстан Республикасы экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов та қатнасты.

Илажда А.Абдуҳакимов Өзбекстанның климат өзгериўи бойынша нәтийжели бейимлесиў бойынша илажлар көриў тәрепдары екенин атап өтти. Сондай-ақ, Конвенция секретариати менен (ММR)ды ислеп шығыўда ресурсларды тартыў ҳәм техникалық жәрдем көрсетиў перспективалары додаланды.

Тийкарғы мақсет мәмлекетлер, соның ишинде, кем раўажланған мәмлекетлер, раўажланып атырған киши атаў мәмлекетлери ҳәм басқа да әззи мәмлекетлерге климаттың өзгериўине бейимлесиўге жәрдем беретуғын идеялар ҳәм стратегияларды анықлаўға қаратылды. Климаттың турақлылығына ерисиў ушын трансформация ҳәм оны әмелге асырыўды жеделлестириўдиң тийкарғы тәреплери ҳаққында усыныслар алға қойылды.

(UNFCCC) Атқарыўшы хаткери Саймон Стилл климаттың турақлылығына ерисиў ушын (ММR) әҳмийетли екенин атап өтти. Басқа мәмлекетлердиң министрлик басшылары да тийкарғы бейимлесиў мәселелери бойынша өз позицияларын билдирди.

Илаж жуўмағында БМШ Раўажланыў бағдарламасы тәрепинен 30 мәмлекетте Миллий бейимлесиў режелерин ислеп шығыўды қоллап-қуўатлаў бағдарында келисимге ерисилди.

Муҳайё Тошқораева,

ӨзА