Қазақстан Республикасының Алматы қаласында 18 жасқа шекемги жаслар арасында бокс бойынша Азия чемпионаты өз жуўмағына жетти.
Онда Өзбекстан сайланды командасы ағзалары 7 алтын, 3 гүмис ҳәм 12 қола медалын қолға киргизип, улыўма командалық есапта Қазақстан сайланды командасынан соң екинши орынды ийелеўге миясар болды.
Қуўанышлы тәрепи сонда, бул жарыста -60 кг салмақта қатнасқан Рахима Бекниязова қола медальды жеңип алыўға еристи.
Спортшыны бул жарысқа тренер Рахат Өтениязов таярлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги