Бүгин 7-май күни Москвадағы Кремльдиң Үлкен сарайында Россия Президенти Владимир Путинниң инаугурациясы болып өтеди. Әмелдеги мәмлекет басшысы кейинги сайлаўда 87,28 процент даўыс пенен жеңиске ерискен.

Россия Федерациясы Орайлық сайлаў комиссиясының мағлыўматына бола, даўыс берген пуқаралар бойынша жуўмақлаўшы көрсеткиш 77,49 процентти қураған.

Путин ең жоқары лаўазымды және алты жыл, 2030-жылға шекем ийеледи. Мәмлекет нызамшылығына бола, жаңадан сайланған президент лаўазымына кирискен күни ҳүкимет дем алысқа шығыўы керек. Кейин Мәмлекетлик дума 20-майға шекем ҳүкиметтиң жаңа қурамын тастыйықлайды. Шама менен, Министрлер Кабинети 8-майда-ақ тастыйықланыўы күтилип атыр.

Сыртқы ислер министри Сергей Лавров ҳәм қорғаныў министри Сергей Шойгу лаўазымын сақлап қалыўы болжанбақта.

Путин жаңа ҳүкимет экономикалық тараўда унамлы өзгерислер ислейтуғынынан үмит етпекте. Сондай-ақ, ең заманагөй қурал-жарақ кең көлемде ислеп шығарылыўын жолға қойыў, усы бағдарда илимий изертлеўди күшейтиў тәрепдары. Халықаралық төлемлер бойынша доллардан еркин система қәлиплестирилиўи, бул бағдардағы бирге ислесиўди тереңлестириў илажларының көрилиўи нәзерде тутылған.

Россия Федерациясы Президенти белгиленген тийкарғы бағдарлар қатарында экономикаға инвестицияны көбейтиў, мәмлекет тәрепинен исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў да атап өтилген.

Батыс тәрепинен дәстүрий емес қәдириятлар орнатылыўы Россия ушын оптимал емеслигин атап өткен Президент билимлендириўдиң сапасын арттырыў, шаңарақты қорғаў сиясатын тереңлестириў мақсетин жариялады.

1952-жылы 7-октябрь күни Ленинград (ҳәзирги Санкт-Петербург) қаласында туўылған Владимир Путин 1975-жылы бурынғы Совет Аўқамы Мәмлекетлик қәўипсизлик комитетинде жумыс баслаған. 1998-жыл июльдан 1999-жыл августқа шекем мәмлекет Федераллық қәўипсизлик хызметиниң директоры лаўазымында ислеген. 1999-жыл 31-декабрь күни Борис Ельцин отставкаға шығыўы мүнәсибети менен Президент ўазыйпасын атқарыўшы етип тайынланғаннан кейин, мәмлекеттиң биринши шахсына айланды. Россия Президентлигине дәслеп 2000-жыл 26-мартта, кейин 2004-жылы қайта сайланған.

2008-2012-жыллары Владимир Путин РФ Бас министри еди. 2012-жылғы сайлаўда және мәмлекет жетекшисине айланды ҳәм оның ўәкиллик мүддети 4 жылдан 6 жылға арттырылды. 2018-жылы қайта сайланды. Россия Федерациясы Конституциясына киргизилген өзгерислер қабыл етилгеннен кейин, 2024-жылы және сайланды.


ӨзА