Тахтакөпир районындағы «Дәўқара» стадионында «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде спорттың футбол ҳәм киши футбол түри бойынша Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубогиниң районлық басқышы болып өтти.

Оған районның барлық аймақларынан командалар қатнасты.

Қызықлы өткен жарыс жуўмағында, финалға «Ғәрезсизлик» ҳәм «Айдын жол» мәкан пуқаралар жыйынларының командалары жол алып, онда «Ғәрезсизлик» елатының жаслары 3:0 есабында жеңиске  еристи ҳәм жарыстың республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.

Ал, киши-футбол бойынша өткерилген жарыстың финалында «Тахтакөпир» посёлкасы ҳәм «Мүлк» аўылының командалары өз-ара ушырасып, онда посёлка жаслары 10:3 есабында жеңиске еристи ҳәм жарыстың республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.

Жарыс соңында жеңимпаз командалар арнаўлы кубок, медаль ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги