Президент пәрманына түсиник

Нәшебентлик ҳәм психотроп затлардың қадағаланыўын әмелге асырыў арқалы олардың халықтың саламатлығы ҳәм генофондқа унамсыз тәсирин сапластырыўға қаратылған Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманына қол қойылды.

Пәрман менен Өзбекстан Республикасында нәшебентлик ҳәм наркожынаятларға қарсы гүресиў бойынша 2024-2028-жылларға мөлшерленген миллий стратегия тастыйықланды.

Төмендегилер Стратегияның тийкарғы мақсетлери сыпатында белгиленбекте:

– халық, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм жасларда «нәшебентликке қарсы иммунитет»ти, оқыўшы ҳәм студентлер арасында психотроп затларды пайдаланыўға маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў (билимлендириў мәкемелеринде жаңа тәсиршең үгит-нәсиятлаў ҳәм тәрбия-профилактикалық механизмлерди енгизиў);

– халыққа сапалы наркологиялық жәрдем көрсетиў системасын раўажландырыў, нәшебентликтиң ерте профилактикасы, диагностикасы, емлеў ҳәм медициналық-социаллық реабилитациясы системасын түп-тийкарынан жетилистириў;

– нәшебентлик қураллары нызамсыз айланысының жаңаша, әсиресе, интернеттеги усылларын сапластырыў, бул бағдардағы оператив-излеў, тергеў ҳәм эксперт-криминалистлик илажлар комплексин раўажландырыў (биринши гезекте санластырыў арқалы);

– медицина мәкемелери ҳәм дәриханалардың нәшебентлик қуралларынан пайдаланыў әмелиятын қадағалаў, фармацевтика кәрханалары, нәшебентлик қуралларының көтере ҳәм усақлап сатыў саўдасы менен шуғылланыўшы субъектлердиң жуўапкершилигин арттырыўдың тәсиршең механизмлерин жаратыў;

– нәшебентликти емлеў ҳәм наркожынаятларға қарсы гүресиў тараўында илимий-изертлеў жумысын раўажландырыў (илимий излениўлер, жуўмақлар, жетискенликлер ҳәм жаңалықларды әмелиятқа енгизиў ҳәм халыққа жеткериў).

Соның менен бирге, Бас министр басшылық ететуғын Нәшебентлик қураллары үстинен қадағалаў бойынша Мәмлекетлик комиссия дүзилип, оған төмендеги ўазыйпалар жүкленди:

– Стратегияның толық, өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын шөлкемлестириў, оны әмелге асырыў бойынша жыллық миллий бағдарламаларды тастыйықлаў ҳәм орынланыўын қадағалаў, мәмлекетлик уйымлардың жумысын муўапықластырыў;

– ҳәр үш айда Стратегия ҳәм жыллық мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы сын көзқарастан үйренилиўи, мақсетлерге ерисиўге тосқынлық етип атырған факторларды анықлаў ҳәм алдын алыўға қаратылған анық илажлар көрилиўин тәмийинлеў;

– нәшебентлик қуралларының нызамсыз айланысына қарсы гүресиўди муўапықластырыў, халықтың арасында нәшебентликтиң ерте профилактикасы бойынша нәтийжели илажларды белгилеў.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанында Наркотиклерди қадағалаў миллий орайы шөлкемлестирилмекте.

Миллий орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленбекте:

– наркожағдайды аймақлар кесиминде илимий-әмелий ҳәм мәлимлеме-аналитикалық жақтан системалы түрде терең үйренип барыў, тийкарғы факторлар ҳәм тенденцияларды анықлаў ҳәм прогнозлаў;

– нәшебентлик қуралларын қадағалаў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларын қәлиплестириў, нызамшылық ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

– жуўапкер мәмлекетлик уйымлар тәрепинен көрилип атырған илажлардың нәтийжелилигин эксперт жағынан баҳалаў, бул бағдарда бирден-бир мәлимлеме алмасыў ҳәм уйымлараралық бирге ислесиўди шөлкемлестириў, халықаралық грантларды тартыў арқалы оларды заманагөй техникалық үскенелер менен тәмийинлеў;

– сырт ел мәмлекетлик структуралары ҳәм халықаралық шөлкемлер менен мәнзилли бирге ислесиўди орнатыў, Өзбекстан тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша БМШқа жыллық баянатлар таярлаў;

– алдынғы миллий ҳәм сырт ел тәжирийбелерин турақлы үйрениў және оның нәтийжелерин енгизиў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша методика ҳәм усынысларды ислеп шығыў, жуўапкер мәмлекетлик уйымлардағы хызметкерлердиң маманлығын арттырыў бойынша оқыў семинарларын шөлкемлестириў.

Миллий орай Мәмлекетлик комиссияның муўапықластырыўшы уйымы есапланып, оның жумысын мәлимлеме-таллаў жағынан тәмийинлеп барады ҳәм Президент Администрациясы алдында есап бериўши болады.

Қабыл етилген пәрманның орынланыўы республикамызда нәшебентлик қуралларының нызамсыз айланысының ерте алдын алыў, халықта оларды пайдаланыўға қарсы «иммунитет»ти қәлиплестириў арқалы генофондымызға унамсыз тәсир көрсетиўши факторларды сапластырыў, нәшебентликке шатылған наўқасларды медициналық емлеўдиң заманагөй системасын шөлкемлестириў тараўындағы перспективалы илажларды белгилеў ҳәм айрықша орынланыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

ӨзА