2017-жыл 25-августтағы «Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы нызамға бола декабрь айының екинши екшембиси Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы хызметкерлери күни етип белгиленген. Соннан берли бул сәне аграр тараўда мийнет етип киятырған ўатанласларымыз тәрепинен кеңнен белгилеп келинбекте.

Ташкент мәмлекетлик аграр университетинде де Аўыл хожалығы хызметкерлери күни – «Зүрәәт байрамы» белгиленди. Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Шуҳрат Ғаниев, Бас министрдиң орынбасары Жамшид Қўчқоров, Аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмонов, министрлик системасындағы шөлкемлердиң администрациясы, басқарма баслықлары, аграр тараўы пидайылары ҳәм ҒХ# ўәкиллери қатнасты.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң аўыл хожалығы хызметкерлерине байрам қутлықлаўын Президенттиң баспасөз хаткери Шерзод Асадов оқып еситтирди.

Президент қутлықлаўында атап өтилгениндей, биз ҳәр бир қарыс жерден ҳәм ҳәр бир тамшы суўдан үнемли пайдаланатуғын, бәрқулла изленип, өзине тән тәжирийбе жаратған инсанларды ҳақыйқый ўатансүйиўши сыпатында қәдирлеймиз. Быйылғы жылы да мине, усындай кластерлер ҳәм фермерлер тәрепинен 100 мың гектар жерлер пайдаланыўға киргизилип, азық-аўқат егинлери егилди, мийўели бағ ҳәм жүзимзарлар жаратылмақта.

Климат өзгериўи, глобал ысыў ақыбетинде мәмлекетимизде суў тамтарыслығының алдын алыў ушын 500 мың гектарда суўды үнемлеўши технологиялар енгизилип, 3 млрд.куб метр суў үнемленди ҳәм дерлик 1 млн. гектар жерлердиң суў тәмийнаты жақсыланды.

Тараўда заманагөй илим ҳәм инновацияларға тийкарланған ресурс үнемлеўши технология ҳәм агротехнологиялық илажларды енгизиў, гумусли биотөгинлерди қолланыў есабынан топырақтың сапасы жақсыланып, өнимдарлық пахтада 10 процент, бийдайда 20 процент, овощ, палыз егинлеринде 25-30 процентке шекем артты.

Тараўды раўажландырыў, жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде «Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген Стратегиясы» менен 9 тийкарғы бағдар, қысқа ҳәм узақ мүддетли реформаларды әмелге асырыў принциплери белгиленди. Ҳәзирги ўақытта Стратегияда белгилеп берилген принциплер тийкарында аграр тараўда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерди, атап айтқанда, шарўашылық ҳәм ыссыхана хожалықларын, пахта-тоқымашылық кластерлерин қаржылай қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, жүзим жетистириў ҳәм виношылық тараўын турақлы раўажландырыў, шийки зат базасын кеңейтиў ҳәм экспорт көлемин арттырыў, аграр секторды заманагөй ресурс унемлеўши техникалар менен тәмийинлеўди хошаметлеў бойынша жаңа механизмлер енгизилди.

Пайдаланыўдан шығып кеткен 1,1 млн.гектар жерлерди оборотқа қиргизиў Концепциясы қабыл етилди. Концепция шеңберинде өткен 6 жыл даўамында дерлик 670 гектардан артық жерлер пайдаланыўға киргизилди. Бул жерлерде 280 мың халықтың бәнтлиги тәмийинленди ҳәм қосымша 4,2 млн.тонна аўыл хожалығы өнимлери жетистирилди.

Жуўапкерлердиң сөзлерине бола, мәмлекеттиң азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде 2016-2023-жыллары жәми 400 мың гектардан артық пахта ҳәм ғәлле майданлары қысқартылып, азық-аўқат егинлери жайластырылды. 2017-2023-жыллары 156,6 мың гектар жаңа мийўалы бағлар (92,6 мың гектар интенсив) ҳәм 157,7 мың гектар жаңа жүзим атызлары жаратылды.

Барлық категория хожалықларында мийўели бағлар майданы 355,6 мың гектарға, жүзим атызлары 209,7 мың гектарға жеткерилди. Әмелге асырылған системалы илажлар нәтийжесинде аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў көлеминиң жыллық өсиўи орташа 103,7 процентти қурады.

Улыўма алғанда, мәмлекетимиздиң аўыл хожалығы раўажланыўына қаратылған айрықша итибары, дийқан ҳәм фермерлерге берилип атырған жеңиллик ҳәм имканиятлар себепли тараўдың барлық тармақларында алдыңғы жылларға қарағанда салмақлы жетискенликлерге ерисилди. Мәселен, дийқанларымыз усы жылы 3 млн. 800 мың тонна пахта, 8,5 млн.тонна ғәлле қырманын жаратты. Сондай-ақ, 15 млн.тоннадан артық овощ-палыз, 5 млн.тонна мийўе ҳәм жүзим, 4 млн.тонна картошка жетистирилди. Тараўдың басқа тармақларында да усындай өсиў бақланбақта.

Илаж шеңберинде аграр тараўының раўажланыўына өз үлесин қосып киятырған бир топар мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәм аўыл хожалығы пидайыларына Өзбекстан Республикасы «Аўыл хожалығы пидайысы» көкирек белгилери салтанатлы түрде тапсырылды.

ӨзА