Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының орынбасары С.Самадов басшылығындағы жумысшы топар республикамызда болып, гүзги-қысқы мәўсимге таярлықтың барысы менен танысты.

Атап айтқанда, Беруний ҳәм Төрткүл районларында қыс мәўсими ушын тийкарғы түрдеги аўыл хожалығы өнимлериниң запасын таярлаў бойынша белгиленген прогноз көрсеткишлериниң жағдайы үйренилди. Сондай-ақ, Беруний, Төрткүл, Елликқала, Әмиўдәрья районлары менен Нөкис қаласындағы қыс мәўсимине таярлық жумысларының барысы, экономика тармақлары ҳәм социаллық тараў объектлерин үзликсиз көмир менен тәмийинлеў мәселеси үйренип шығылды.

Жумысшы топар сондай-ақ, Нөкис, Кегейли ҳәм Хожели районларында да болды.

Республикалық, қалалық ҳәм районлық мәкемелердиң жуўапкер хызметкерлериниң қатнасында үйрениўлердиң жуўмағына бағышланып  мәжилис өткерилди. Онда жол қойылып атырған кемшиликлер додаланып, биринши гезекте ислениўи тийис ўазыйпалар белгиленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги