Ҳәр бир тил улыўма адамзат мәдениятының бир бөлеги. Ана тили –ҳәр бир адамның сана-сезими, руўхый раўажланыўы ушын зәрүр. Ол халықтың тарийхы менен тығыз байланыслы, оның бирлигин, халықтың өзине тән өзлигин тәмийинлейди, Ҳәр бир миллеттиң халық болып сақланыўы ушын тийкарғы дәрек болып табылады.

1989-жылы 21-октябрь күни өзбек тилине мǝмлекетлик тил бийлиги берилгеннен кейин, 1989-жылы 1-декабрь күни Қарақалпақстанда қарақалпақ тилине мǝмлекетлик тил бийлиги берилди. Дүнья жүзинде бес мыңнан аслам тил болатуғын болса соның ишинде тек еки жүзге шамалас тиллер мәмлекетлик тил есапланады. Ғәрезсизлик дәўиринде қарақалпақ тилиниң қолланыў өриси кеңейди. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасының нызам актлери, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының басқа да ҳүжжетлери мәмлекетлик тилде қабыл етиледи ҳәм жәрияланады, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң алдына қыстырылып қойылатуғын атамалар, районлар, мәкан пуқаралар жыйынларындағы жер-суў атамалары, көшелер, қыябанлар қарақалпақша сөзлер менен аталмақта. Мектепке шекемги балалар-бақшаларында тәрбиялаў, қарақалпақ тилинде билим бериў, оқытыў ислери алып барылмақта, кәрхана ҳәм шөлкемлерде ис жүргизиў, есап ҳәм финанслық ҳүжжетлер әмелге асырылмақта, радиоеситтириўлер берилип, тек ғана Қарақалпақстанда емес, Өзбекстан телевидениесинде де қарақалпақ тилинде көрсетиўлер берилмекте. Қарақалпақ тилинде газета-журналлар басып шығарылмақта, пуқаралық ҳалаты актлери, адамның ким екенлигин ҳәм оның ҳуқықларын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлер, нотариаллық ҳәрекетлер ҳәм суд ислери алып барылмақта, пуқараларға мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм мәкемелерге арзалар, усыныслар менен қарақалпақ тилинде мүрәжат етиў ҳуқықы тәмийинленбекте, илимий мийнетлер дөретилип, диссертациялар қорғалмақта, қарақалпақ тилинде жыйналыслар, халық аралық, республикалық илимий-теориялық әнжуманлар өткерилмекте, баспа жумыслары, почта-телеграф жөнелтпелери әмелге асырылмақта, мәкеме, шөлкемлер ҳәм жәмийетлик бирлеспелердиң мөрлери, штамплары, бланкаларының текстлери жазылмақта.

Мине, бул илажлардың барлығы да қарақалпақ тилиниң және раўажланыўы ҳәм жетилисиўи ушын кең имканият болып табылады.

Республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы Қараөзек районында да 1-декабрь-Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн байрамы мүнәсибети менен «Мәртебең бәлент болсын, Ана тилим!» атамасындағы байрам кешеси салтанатлы түрде белгиленип өтилди.

Оған район ҳәкиминиң орынбасарлары, аймақтағы мәкеме, шөлкем ҳәм кәрхана басшылары, билимлендириў тараўы хызметкерлери, жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Байрам илажында шығып сөйлегенлер, жыйналғанларды байрам сәнеси менен қызғын қутлықлап, қарақалпақ тили, оның раўажланыў тарийхы, бүгини ҳәм келешеги ҳаққында баҳалы пикирлер айтып, ана тилимизге итибарды еле де күшейтиў бойынша өз усынысларын билдирди.

Буннан соң билимлендириў тараўында өзиниң пидайы мийнетлери менен көзге түсип жүрген ана тили пәни муғаллимлерине Қараөзек районы ҳəкимлиги, районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлиминиң Ҳүрмет жарлықлары менен байрам саўғалары салтанатлы жағдайда тапсырылды.




Байрам илажы районлық мәденият бөлими ҳәм талантлы оқыўшылар тәрепинен таярланған саз-сәўбетли, сахналастырылған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы