Конституциямызда барлық пуқаралар бирдей ҳуқық ҳәм еркинликлерге ийе болып, жынысы, расасы, миллети, тили, дини, социаллық келип шығыўы, исеними, шахсы ҳәм социаллық жағдайына қарамастан, нызам алдында тең екенлиги белгилеп қойылған

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жылы 20-октябрь күни “2030-жылға шекемги дәўирде турақлы раўажланыў тараўындағы миллий мақсет ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, бул қарар менен Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 2015-жылдың сентябринде Турақлы раўажланыў бойынша өткерилген саммитинде қабыл етилди.

70-санлы резолюциясына муўапық, сондай-ақ, 2030-жылға шекемги дәўирде БМШ Глобал күн тәртибиниң Турақлы раўажланыў мақсетлерин избе-изликте әмелге асырыў бойынша системалы ислерди шөлкемлестириў мақсетинде 2030-жылға шекемги дәўирде турақлы раўажланыў тараўындағы Миллий мақсет ҳәм ўазыйпалар тастыйықланды.

Соның менен бирге,  бесинши мақсет ретинде “Гендер теңликти тәмийинлеў ҳәм барлық ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм имканиятларын кеңейтириў” белгиленип, бул мақсетти әмелге асырыўға байланыслы тоғыз ўазыйпа ислеп шығылды.

Бесинши мақсеттиң ўазыйпасына муўапық, 2030-жылға келип барлық ҳаял-қызларға байланыслы кемситиўлердиң ҳәр қандай түрине шек қойыў, сиясий, экономикалық ҳәм социаллық турмыста қарарлар қабыл етиўдиң  барлық дәрежелеринде ҳаял-қызлардың толық ҳәм нәтийжели қатнасын ҳәм жетекшилик етиўи ушын тең имканиятларды тәмийинлеў зәрүр.

Соңғы жылларда гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың жәмийетлик ҳәм сиясий турмыстағы ролин арттырыў бойынша ислер бир неше бағдарларда алып барылмақта. Атап айтқанда, ҳаял-қызлар ҳуқықлары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин, оларды қорғаўдың институционаллық тийкарларын жеделлестириў, халықтың гендер теңлик ҳәм ҳаял-қызлар ҳуқықлары ҳаққындағы хабардарлығын арттырыў болып табылады.

Өзбекстан Республикасының 2019-жылы 3-сентябрь күни қабыл етилген “Ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятлар кепилликлери ҳаққында”ғы  нызамы менен миллий нызамшылығымызда биринши мәрте “гендер”, “гендер статистикасы”, “гендер-ҳуқықый экспертиза”, “жынысы бойынша тиккелей кемситиў”, “жынысы бойынша жанапай кемситиў” түсиниклери пайда болды.

Бул нызам менен “гендер” түсинигине төмендегише сыпатлама берилди.

Гендер – бул ҳаял-қызлар ҳәм ерлер арасындағы қатнасықлардың жәмийетлик турмыс ҳәм жумыстың барлық тараўларында, атап айтқанда сиясат, экономика, ҳуқық, идеология, мәденият, билимлендириў, илим тараўларында сәўлеленетуғын социаллық тәрепи. Бул нызам мәмлекетимизде ҳаял-қызлар ҳәм ерлерге тең ҳуқық ҳәм имканиятларды тәмийинлеўге қаратылған жоқары юридикалық күшке ийе ҳүжжет болып, усы тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларын, мәмлекетлик басқарыў механизмлери сыяқлы мәселелерди де белгилейди.

Өзбекстан Республикасының 2019-жылы 3-сентябрь күни қабыл етилген “Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында”ғы нызам менен зорлық, жынысый, физикалық, экономикалық, руўхый зорлықларға түсиник берилди. Зорлық- бул бир шахстың екинши бир шахсқа байланыслы қастан физикалық, руўхый, жынысый ямаса экономикалық тәсир өткериў ямаса усындай тәсир өткериў шараларын қолланыў менен қорқытыў арқалы оның өмири, денсаўлығы, жынысый қол қатылмаслығы, абырайы, қәдир-қымбаты ҳәм нызам менен қорғалатуғын басқа да ҳуқық ҳәм еркинликлерине қәўип туўдыратуғын нызамға қайшы ҳәрекет, ҳәрекетсизлик болып есапланады.

Бул нызам менен миллий нызамшылығымызға қорғаў ордери, яғный басым ҳәм зорлықтан жәбирлениўшиге мәмлекет қорғаўын усыныўшы, ҳаял-қызларға басым өткерип атырған ямаса оларға зорлық ислеген шахсқа ямаса шахслар топарына усы нызамда белгиленген тәсир шарасын қолланыўға себеп болыўшы ҳүжжет, оны бериў тәртиплери енгизилди.

Гендер теңлик бойынша институционаллық илажлар тийкарында ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қурамында ҳаял-қызлар ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм кемситиўдиң ҳәр қандай түрин сапластырыў бойынша миллий нызамшылықты ҳалық аралық стандартларды муўапықластырыў менен шуғылланыўшы ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитети шөлкемлестирилди. Буннан басқа, зорлықтан жәбир көрген шахсларды реабилитациялаў ҳәм адаптация, өз жанына қастыянлық етиўдиң алдын алыўшы республикалық орай, Ҳаял-қызлар исбилерменлик орайлары жумыс алып бармақта.

Соңғы жыллары гендер теңлигин тәмийинлеў мәселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди ҳәм бул мәмлекетимиздиң инсан ҳуқықлары тараўындағы жедел қәдемлердиң бири болды. Бул бағдарда қабыл етилген нызамлар алдағы ўақытта елимиздиң раўажланыўына үлесин қосыўшы тарийхый ҳүжжетлер болады, десек қәтелеспеймиз.

Б.ДОСЫМБЕТОВ,

Нөкис районлараралық ҳәкимшилик судының баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги