Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Қарақалпақстан Республикасы музлатқышлы сыйымлылықлар бирлеспесине ағза субъектлерге кооперация шөлкемлестирген ҳалда, музлатқышлы сыйымлылықларды қурыў ҳәм үскенелеў, қыс ҳәм бәҳәр айларында электр энергиясынан пайдаланыў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында” қарар қабыллады.

Қарар менен Қарақалпақстан Республикасы музлатқышлы сыйымлылықлар бирлеспесине ағза субъектлерге кооперация шөлкемлестирген ҳалда музлатқышлы сыйымлылықларды қурыў ҳәм үскенелеў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў, сондай-ақ, иске түсирилген музлатқышлы сыйымлылықлардың қыс ҳәм бәҳәр айларында электр энергиясынан пайдаланыў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Бул Реже талаплары Қарақалпақстан Республикасы музлатқышлы сыйымлылықлар бирлеспесине ағза болмаған, кооперация шөлкемлестирмеген ҳәм музлатқышлы сыйымлылықларды иске түсирмеген субъектлерге қолланылмайды.

Музлатқышлы сыйымлылықларды қурыў ҳәм үскенелеў, қыс ҳәм бәҳәр айларында электр энергиясынан пайдаланыў қәрежетлериниң бир бөлеги 2023-жылы Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетинен биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўши ретинде Аўыл хожалығы министрлигине ажыратылған қаржылар шеңберинде қапланады, 2024-жылдан баслап болса Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлеринде нәзерде тутылады.

ӨзА