“Ўзбекистон” халықаралық әнжуманлар сарайында Турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыўда парламентлераралық бирге ислесиў бойынша екинши глобал форумда халықаралық шөлкемлер, сырт еллердиң парламент ўәкиллери менен бир қатарда мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған дипломатиялық корпус басшылары да қатнасты.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Рам Аер Өзбекстан мине усындай глобал форумлар өткериў бойынша баслама менен шыққанын ҳәм оларды табыслы өткерип атырғанлығын атап өтти.

– Буннан еки жыл алдын Самарқандта өткерилген дәслепки форумда әҳмийетли басламалар алға қойылыўы менен бир қатарда өткен дәўирде оларды турмысқа енгизиў, парламентлераралық бирге ислесиўди беккемлеў бойынша сезилерди жумыслар әмелге асырылды, – деди Р.Аер. – Әҳмийетлиси парламентлер  БМШ Турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыўда белсендилик көрсетип атыр. Бүгинги екинши глобал форум қатнасыўшылары өз жумыслары даўамында әмелге асырылып атырған жумыслары ҳаққында мағлыўматлар бериў менен бирге, өз-ара тәжирийбе алмасыў имканиятына ийе болды. Билимлендириў системасының нәтийжелилигин арттырыў, әсиресе, инклюзив билимлендириўге итибар, кәмбағаллықты сапластырыў бойынша әҳмийетли пикир-усыныслар билдирилди. Буларды әмелге асырыў адамлардың мәплерине хызмет етеди. Мине, усындай қайырлы мақсетлерди биз де қоллап-қуўатлаймыз. Билимлендириўдиң раўажланыўында нанотехнологиялардан кеңирек пайдаланыў мақсетке муўапық.

Н.Абдураимова, ӨзА