Турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыўда парламентлераралық бирге ислесиў бойынша екинши глобал форум даўам етпекте.

Абырайлы әнжуманда Парламентлераралық аўқамның Бас хаткери Мартин Чунгонг ҳәм ЕҚБШ Парламент Ассамблеясы Президенти Пиа Каума видеомүрәжат пенен қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары ағзалары, ҒМДА Парламент Ассамблеясының баслығы Валентина Матвиенко, Түркий мәмлекетлер Парламент Ассамблеясының Бас хаткери Мехмет Сурейя Эр, сырт еллердиң басшылары, парламентлераралық шөлкемлер, Жаслар парламентлери, мәмлекетлик уйымлар, халықаралық шөлкемлер, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм илимий-изертлеў шөлкемлериниң экспертлери форумда тиккелей ҳәм онлайн түде қатнаспақта.

Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева басқарып атырған илажда БМШтың Турақлы раўажланыў мақсетлерин орынлаўда парламент, ҳүкимет ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының әмелий бирге ислесиўин жолға қойыў, бул мәселеде турақлы түрде парламент ҳәм жәмийетшилик тыңлаўларын шөлкемлестириў мәселесине итибар қаратылды.

Парламентлераралық аўқамның Бас хаткери Мартин Чунгонг өз видеомүрәжатында Турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыўда парламентлераралық бирге ислесиў бойынша II глобал форум жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ушын миннетдаршылық билдирди. Қаралып атырған мәселелер, олардан келип шыққан усыныс ҳәм жуўмақлар парламент ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының жумысына унамлы тәсир ететуғынын атап өтти.

– Глобал форумда БМШ Бас Ассамблеясының “Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде пуқаралық жәмийетин қатнасын кеңейтиў ҳаққында”ғы резолюциясы жойбарының додаланыўы әҳмийетли ўақыя. Бул резолюцияның басламашысы болған Өзбекстанға усы баслама ҳәм исеним ушын миннетдаршылық билдиремен, – деди М.Чунгонг.

Норгул Абдураимова,  ӨзА