Өзбекстан мәмлекетлик Денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы республикамыздағы ең жас оқыў орынларының бири болып табылады.

Буннан саррас бес жыл бурын, яғный, 2018-жылдың 13-ноябрь сәнесинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 924-санлы қарары тийкарында шөлкемлестирилген бул оқыў дәргайында бүгинги күни күндизги ҳәм сыртқы оқыў тәлим бағдары бойынша 20 қәнигеликте 1064 студент оқып билим алмақта. 2021-2022-оқыў жылында болса, филиалды 7 қәнигелик бойынша 50 студент питкерип шығыўға еристи.

Усы өткен жыллар ишинде, филиал турмысында бир қатар өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз берип, тәлим дәргайы студентлери республика ҳәм халықаралық көлемде өткерилетуғын спорт жарыслары ҳәм ҳәр қыйлы таңлаўларда көплеген жетискенликлерди қолға киргизди. Атап айтатуғын болсақ, 46 студент республикалық жарысларда жеңиске ерискен болса, 11 студент халықаралық  көлемдеги жарыс ҳәм таңлаўлардың жеңимпазына айланды. 2020-жылы 4 студенти «Жасорат», «Шуҳрат» ҳәм «Умид учқуни» медаллары, 2023-жылы 4 студент Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

«Универсиада 2022» спорт жарысында баскетбол бойынша ерлер командасы Қарақалпақстан Республикасы атынан қатнасып, чемпионлықты қолға киргизиўге миясар болды. Бадминтон бойынша өткерилген жарыста 1 студент, дзюдо беллесиўлеринде 2 студент алтын медаль менен сыйлықланды.

Еки студент болса, Таиландттың Паттая қаласында өткерилген көркем гимнастика бойынша өткерилген Азия чемпионатында жеңимпаз болыўға еристи.

Филиал жәмәәтиниң қолға киргизген бундай жетискенлик ҳәм табыслары, кең жәмийетшилик арасында қызығыўшылық  оятыўы тәбийғый. Сонлықтан Өзбекстан мәмлекетлик Денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы тәрепинен филиал турмысын кең жәмийетшиликке кеңнен таныстырыў мақсетинде, республикамыздағы ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасыўында пресс-тур шөлкемлестирилди.

Онда филиалдың Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Бегзад Сабиров тәрепинен соңғы жыллары оқыў дәргайында жүз берип атырған жаңаланыў ҳәм өзгерислер туўралы илаж қатнасыўшыларына кең түрде мағлыўматлар берилди.

Сондай-ақ, пресс-тур даўамында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери  студентлердиң теориялық ҳәм әмелий сабақ өтиў процеси, оқыў-шынығыўларын өткеретуғын спорт заллары ҳәм стадионларында болып, студентлер ҳәм оларға тәлим берип атырған профессор-оқытыўшылар менен жақыннан пикирлести.



Илажда  журналистлер өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы