1
-декабрь – Қарақалпақ тилине  мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн

Ҳәр бир инсан ушын өз ана тилиниң  әҳмийети оғада үлкен.  Ана тилине ҳүрмет пенен қарап жасайтуғын халық – ҳәмийше қүдиретли болады. Тил-бул миллеттиң беккем қорғаны болыўы менен бирге, әўладлар ушын үлкен руўхый мийрас болып есапланады.

Бәршемизге белгили, тил – бул тек ғана қарым-қатнас қуралы болып қалмастан, халқымыздың бай мәдений мийрасларын, тарийхын өзинде жәмлеген, билимниң тийкары ҳәм қәдриятларымыздың негизи болып табылады.

Быйыл  қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигине 34 жыл толады. Ана тилимиздиң мәмлекетлик тил сыпатында ҳуқықый жақтан кепиллениўи, ҳәр биримиздиң ана тилимизге болған ҳүрметимизди және де арттырады, соның менен бирге, үлкен жуўапкершилик те жүклейди.

Өткен жыллар ишинде билимлендириў тараўында сабақлықлар, оқыў қолланбалары, әдебий шығармалар қайтадан баспадан шығарылып,  миллий мәдениятымыздан дәрек беретуғын жүз томлық фольклорымыз баспа жүзин көрди. Республикамызда қарақалпақ тилин терең изертлеў жумыслары да нәтийжели алып барылмақта. Тилши илимпазлардың илимий изертлеўлерине имканият ҳәм шараятлар жаратылып,  илим пидайылары жетилисип шықпақта.

Бүгинги күнде  ана тилимиздиң тазалығына дыққатлы болыў,  сөйлеў нормаларының  бузылыўының алдын алыў, дурыс сөйлеў ҳәм жазыў ҳәр биримиздиң  тийкарғы ўазыйпамыз болып табылады.

Себеби, ана тилимиз бәршемиз ушын үлкен мақтаныш ҳәм руўхый күш дәреги хызметин атқарады. Солай екен, ана тилге қаратылған ҳәр қандай итибар өзиниң унамлы нәтийжесин береди.

Ана тилимиздиң әҳмийетин еле де раўажландырыў бағдарындағы илажлар тек ғана байрам алдынан емес, ал жыл даўамында әмелге асырылса, үгит-нәсият жумыслары да үзликсиз алып барылыўына ерисе алсақ, нәтийжелер тез арада көзге тасланады.

Үлкен мақтаныш еткен ҳалда, ана тилимизге айрықша ҳүрмет көрсетиў арқалы, жәмийетимизде ана тилимиздиң абырайының жоқарылаўына ҳәм миллий қәдриятларымыздың беккемлене  бериўине  исенемиз.

Пурсаттан пайдаланып бәршеңизди 1-декабрь қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигине 34 жыл толыўы мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлайман!

 

Руслан Джумамуратов,

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги