Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында Өзбекстан халық артисти, Бердақ атындағы сыйлықтың лауреаты, «Меҳнат шуҳрати», «Эл-юрт ҳурмати», «Дўстлик» орденлери ийеси, «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы», профессор Нажиматдин Аңсатбаевтың 80 жыллық юбилейине бағышланған республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти.

Илажда дәслеп Нажиматдин Аңсатбаевтың өмири ҳәм дөретиўшилиги бойынша таярланған ҳүжжетли фильм жыйналғанлар нәзерине усынылды.

Конференцияны филиал директоры, филология илимлериниң кандидаты А.Аяпов кирис сөз бенен ашты ҳәм Нажиматдин Аңсатбаевтың айрықша таланты, бай дүньяқарасы, халқымыздың миллий мәденияты ҳәм театр көркем өнериниң раўажланыўы жолындағы пидәкерлик мийнетлерин айрықша атап өтти.

Буннан соң, Бердақ атындағы Қарақалпақ мəмлекетлик университети профессоры Б. Абдикамалов, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты профессоры П.Шылманов, усы институттың музыкалық тәлим кафедрасы баслығы А.Алланов, көркем өнертаныў кафедрасы баслығы, доцент Ж. Хожанов, театр көркем өнери факультети деканы, т.и.к., профессор. Г. Ходжаметова, халық дөретиўшилиги факультети деканы, доцент Қ.Турдиев, техноген көркем өнертаныў факультети деканы, доцент Қ.Заретдинов ҳәм басқалар юбилярдың республикамыздың мәденияты ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыўдағы дөретиўшилик хызметлерин мақтаныш пенен тилге алды ҳәм оған естелик саўғаларын тапсырды.






Илажда атап өтилгениндей, Н.Аңсатбаев қарақалпақ, өзбек ҳəм басқа да туўысқан халықлар драматурглериниң 60 тан аслам шығармаларын сахналастырып, көплеген шығармаларда қаҳарман образларын дөретти.

Атап айтқанда, «Еки  байға  бир  малай» спектаклинде  Флориндо, «Қəйин ене» спектаклинде Аяз, «Актрисаның  ығбалы» спектаклинде  Əбдираман Өтепов, «Наўайы Астарабадта» спектаклинде Алишер Наўайы, «Бердақ» спектаклинде Бердақ, В.Шекспирдиң «Отелло» спектаклинде Кассио, Т.Жумамуратовтың «Тикленген туў» спектаклинде Байхан, А.Бегимов ҳəм Т.Алланазаровтың «Ғəрип ашық» спектаклинде Ғəрип, Т.Сейтжановтың «Əбу  Райхан  Беруний» спектаклинде Мамуншах, С.Хожаниязовтың «Маманбий» спектаклинде Маманбий, А.Абдулинниң «Он үшинши председатель» спектаклинде Сагадеев, Б.Жакиевтиң «Əке тəғдири» спектаклинде Ақылбек сыяқлы роллерди шеберлик  пенен  атқарып,  халқымыздың алғысына миясар болды.

Сондай-ақ, ол режиссёр сыпатында К.Рахмановтың  «О  дүньяға  мирəт», «Жаралы  жүреклер»,  «Урыны қарақшы басты» М.Каримниң «Ай тутылған түнде», С.Хожаниязовтың «Сүймегенге  сүйкенбе»,  Т.Жумамуратовтың «Тикленген  туў»,  Т.Сейтжановтың  «Әбиў  Райхан Беруний»,   Қ.Абдиреймов пенен бирге, О.Абдирахмановтың «Тирсеклер», А.Абдулинниң «Он үшинши    председатель», А.Қаҳҳардың «Сақ ғарға сағағынан», Б.Жакиевтың «Əке  тəғдири», С.Ахмадтың «Келинлер қозғалаңы», У.Умарбековтың «Өз арзасы  менен»,  Цагарелидиң «Ханума», С.Балғабаевтың «Ең сулыў келиншек», Қ.Норқабилдиң «Нур саяда қалмайды» спектакллерин сахналастырды.

Н.Аңсатбаевты көркем өнеримиз ҳәм мәдениятымыздың жанкүйери, белгили актёр, режиссёр, сондай-ақ, жаслардың әдиўли устазы сыпатында халқымыз кеңнен таныйды. Оның тараўда атқарған пидәкерлик мийнетлери Ҳүкиметимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланып, ол Өзбекстан халық артисти, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, «Меҳнат шуҳрати», «Эл-юрт ҳурмати», «Дўстлик» орденлери, «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы» атақлары  менен сыйлықланды.


Илаждың екинши бөлими судент-жаслардың  Н.Аңсатбаев атқарған роллер ҳәм сахналастырған шығармалар тийкарында таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы