Өзбекстан ҳәм Бангладеш арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиў қатнасықларына тийкарғы мәселе сыпатында айрықша итибар қаратылмақта. Нәтийжеде өз-ара товар алмасыў көлеми 2023-жылдың биринши ярым жыллығында өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда еки есеге өсти.

Бул Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоеваның Бангладеш Халық Республикасының мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Мухаммет Монирул Ислам менен ушырасыўында атап өтилди.

Сөйлесиў ўақтында бирге ислесиўдиң барлық тараўлары, атап айтқанда, саўда-экономикалық, сиясий, мәдений-гуманитарлық, әсиресе, парламентлераралық байланысларды беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Ерисилип атырған көрсеткишлерди және бир неше есеге арттырыўға имканиятлар жетерли екени айтып өтилди.

Тәреплер нызам шығарыўшы уйымлардың бирге ислесиўин және де раўажландырыў, ерисилген келисимлерди әмелге асырыўда парламент қадағалаўы имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў мәселелерине итибар қаратты.

Өз гезегинде, еки мәмлекет саўда-санаат палаталары арасында бирге ислесиўди күшейтиў, санаат кооперациясын жолға қойыў ҳәм санаат өнимлериниң өз-ара көргизбелер менен ярмаркаларын шөлкемлестириў бойынша илажларды әмелге асырыўды өз ишине алған әмелий илажлар режесин ислеп шығыў усынысы алға қойылды.

Өзбекстандағы еркин экономикалық зоналарда тоқымашылық кластерлерин ҳәм өндирис жойбарларын иске қосыў, фармацевтика тараўында мәмлекетимиздиң кең имканиятынан келип шығып, биргеликтеги жойбарларды әмелде енгизиў бойынша пикир алысылды.

Мәдений-гуманитарлық байланысларды, әсиресе, мәденият ҳәм зыярат туризми тараўында бирге ислесиўди кеңейтиўге итибар қаратылды.

Дипломат мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлардың буннан кейин де және де раўажланыўы ушын бар имканият ҳәм мүмкиншилигин иске қосатуғынын билдирди.

Н.Абдураимова,

ӨзА