Бүгинги күни Әмиўдәрья районында жумыссыз ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.

Орынлардағы ҳәким жәрдемшилериниң усынысы менен Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлиминиң жәрдеминде 30 ҳаял-қызға тигиў машинасы ҳәм 5 жасқа мотокултиватор субсидия тийкарында тапсырылды. Усы берилген тигиў машинасы ҳәм мотокултиватор арқалы ҳәр бир жумыссыз пуқараның өзиниң бәнтлигин тәмийинлеп, шаңарағына дәрамат имканият жаратады.


Гүлайым МАКСЕТОВА,
ҚМУ Мәлимлеме хызмети ҳәм
жәмийетшилик пенен байланиыслар тәлим бағдарының 3-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги