Мәмлекетимизде Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик мәселелерине айрықша итибар берилмекте. Кейинги жети жылда тараў бойынша 50 ден артық нызам ҳүжжети қабыл етилди.

Өзбекстанның миллетлераралық ҳәм конфессиялараралық татыўлықты орнатыў сиясаты Инсан ҳуқықлары улыўма жер жүзилик декларациясы ҳәм басқа да халықаралық ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлерге толық сәйкес келеди.

Бул пикирлер Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоеваның Мусылман ақсақаллар кеңесиниң бас хаткери Муҳаммад Абдусалам менен сөйлесиўинде атап өтилди.

Ушырасыўда Мусылман ақсақаллар кеңеси менен кең көлемли байланысларды беккемлеў, диний кеңпейиллик ҳәм дәстүрий ислам қәдириятларын беккемлеў бағдарында бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.

Елимизде ҳәр қыйлы миллет ҳәм дин ўәкиллериниң өз потенциалын толық әмелге асырыўы, олардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў ушын конституциялық кепилликлер тәмийинленген. Өзбекстан мусылманлары басқармасы, оның аймақлардағы ўәкилликлери, 3  жоқары ҳәм 10 орта арнаўлы билимлендириў мәкемеси ҳәм 16 конфессияға тийисли 2,3 мыңнан артық диний шөлкем жумыс алып бармақта.

Муҳаммад Абдусалам Өзбекстан Президентиниң БМШ Бас Ассамблеясының «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» арнаўлы резолюциясын қабыл етиў басламасы халықаралық майданда да тән алынып атырғаны, ҳүжжет усы бағдардағы ҳәрекетлерди бирлестириўге түртки болғанына айрықша тоқтап өтти.

Өзбекстанның пүткил дүнья мусылманлары ушын жүдә үлкен әҳмийетке ийе екени, усы елден жетисип шыққан уламалар тек ғана мусылман әлемине емес, ал пүткил дүнья ушын да илимий мийрас қалдырғаны атап өтилди.

Ушырасыў соңында өз-ара байланысларды және де кеңейтиў, делегациялар сапарларын әмелге асырыў, биргеликте ҳәр қыйлы илимий ҳәм әмелий илажларды шөлкемлестириўге келисип алынды.

Н.Абдураимова, ӨзА