Қәдирли ўатанласлар!

Сиз, әзизлерди Наўайы кән-металлургия комбинатының дүзилгени ҳәм елимизде уран санаатына тийкар салынғанының 65 жыллығы менен қызғын қутлықлайман.

Сизлердиң пидәкерлик мийнетиңиз бенен шексиз Қызылқум кеңлигинен қазып алынып атырған, дүнья жүзи көлеминде айрықша тән алынып атырған алтын, тәбийғый уран ҳәм басқа да сийрек ушырасатуғын қазылма байлықлар мәмлекетимиздиң экономикалық раўажланыўын тәмийинлеўде шексиз стратегиялық әҳмийетке ийе екени бәршемизге жақсы белгили.

Усы мәнисте, 40 тан аслам миллетке тийисли дерлик 50 мың жоқары маман жумысшы, инженер ҳәм қәнигелер мийнет етип атырған бул комбинат та 3 жыл алдын оның қурамынан ажыралып шыққан «Наўайыуран» кәрханасы миллий санаатымыз мақтанышы, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Кейинги жылларда тараўдың раўажланыўына қаратылып атырған үлкен итибар ҳәм өндириске заманагөй технологиялар жедел енгизилип атырғаны себепли комбинат алтын ислеп шығарыў бойынша жетекши сырт ел компаниялары арасында 7-орынға көтерилди. «Мурынтаў» кәни болса халықаралық рейтинглерде жоқары басқышларды ийелеп келмекте.

Қысқа мүддетте комбинатта 23 ири инвестиция жойбары, соның ишинде, 5, 6 ҳәм 7-гидрометаллургия заводлары, 2-гидрометаллургия заводының екинши гезеги иске қосылып, 15 мыңнан аслам жаңа жумыс орнының жаратылғаны дыққатқа ылайық болып есапланады. Мине усындай ҳәрекетлер нәтийжесинде усы жылы алтын ислеп шығарыў көлеми 2016-жылға салыстырғанда 25 процент, тәбийғый уран 20 процент, гүмис болса 46 процентке артқанын айрықшап атап өтиў керек.

Бүгинги күнде Өзбекстан уран қазып алыў бойынша дүньяда 5-орынды ийелеп тур. «Наўайыуран» мәмлекетлик кәрханасы өз өнимин жүз процент экспортқа қаратпақта.

Локализациялаў бағдарламасы шеңберинде жаңа қуўатлылықлар ушын зәрүр әсбап-үскенелер аймақтың өзинде ислеп шығарылмақта. Бир ғана Наўайы машина қурылысы заводында жылына орташа 15 мың түрден аслам импорт орнын басатуғын өнимлер таярланып атырғаны буны тастыйықлайды.

Тараў ушын маман инженер кадрлар жеткерип бериў мақсетинде Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университетиниң материаллық-техникалық базасы ҳәм илимий-педагогикалық потенциалы беккемленбекте. Қыйын технологиялық процесслерди тийкарынан мине усындай жоқары оқыў орынларымызда билим алған ғайратлы жасларымыз басқарып атырғаны бәршемизди қуўандырады.

Жумысшы ҳәм хызметкерлердиң мийнетин хошаметлеў, олардың мийнет ҳәм дем алыс шараятларын жақсылаў бәрқулла итибарымыз орайында болып келмекте. Көплеген кәншилеримиз Ўатанымыздың жоқары сыйлықлары менен сыйлықланбақта. Бүгинги байрам мүнәсибети менен және бир топар тараў ўәкиллери ҳүрметли атақ, орден ҳәм медалларға ийе болды. Оларды мине усындай жоқары сыйлықлар менен қызғын қутлықлап, келеси жумысларында табыслар тилеймен.

Ҳүрметли дослар!

Биз «Өзбекстан – 2030» стратегиясы шеңберинде бул тараўда да көплеген жумысларды әмелге асырыўды жобаластырғанбыз. «Ақтаў» кәнин өзлестириў, көплеген жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм уран қазып алыў және қайта ислеў көлемин үш есеге көбейтиў усылардың қатарына киреди.

Өз өмирин усындай әҳмийетли тараўға бағышлаған сиз, әзизлер жәмәәтлериңиздеги абырайлы мийнет дәстүрлерин мүнәсип даўам еттириў, мәмлекетимиз кән санаатының мәртебесин және де арттырыў ушын буннан былай да үлкен күш-ғайрат пенен мийнет етесизлер, деп исенемен.

Сизлерди бүгинги қутлы байрам менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт, саўаплы ислериңизде үлкен табыслар тилеймен.

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти